Өзбекстан жаслар аўқамының Жаслар пресс-клубында «Өзбекстан жаслар аўқамы стипендиясы» ийелерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Таңлаўдың төменги басқышларында 1 мың 25 студент қатнасты. Республика басқышында 183 студент қатнасты.

Ең жоқары балл топлаған 14 талабан таңлаў женимпазы болды. Олар 10 ай даўамында «Өзбекстан жаслар аўқамы стипендиясы»н алады. Стипендияның муғдары ең кем мийнет ҳақының 3 есесине шекем етип белгиленген.

– Мен жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятин жоқарылаўға қаратылған «Юридикалық клиника» жойбарын әмелге асырыў бағдары бойынша стипендияға еристим. Бул жетискенлигим маған және де үлкен идеялар үстинде жумыс алып барыўым ҳәм келешекте  буннан да үлкен имканиятларды қолға киргизиўим ушын және бир қәдем болды, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Дилфуза Хабибуллаева.

Гулноза Бобоева, ӨзА