Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына 8 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгилениўи мүмкин.

Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында «Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 75 жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы Президент пәрманының жойбары жәрияланды.

Ҳүжжет жойбарына муўапық, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен 2020-жылы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына 8 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгилеў усыныс етилди.

Сондай-ақ, «Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 75 жыллығы» естелик юбилей медалы шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Ҳүжжет жойбарын додалаў 9-мартқа шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги