Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Улыўма орта билим бериў мәкемелери ҳәм академиялық лицейлердиң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медальлар менен сыйлықлаў тәртиби ҳаққындағы устав»ты тастыйықлады. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар берди.

Устав улыўма орта билим бериў мәкемелери, соның ишинде, қәнигелестирилген мектеплер, қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеп-интернатлары, спорт бағдарындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатлар және академиялық лицейлердиң қәбилетли питкериўшилерин алтын ҳәм гүмис медальлар менен сыйлықлаў тәртибин белгилейди.

Алтын медаль улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 9-класын питкергени ҳаққындағы ең үлгили дәрежедеги аттестациясы болған, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 10- ҳәм 11-класларында барлық пәнлер бойынша жуўмақлаўшы қадағалаўлар, шерек ҳәм жыллық баҳалары ең жақсы болған ямаса академиялық лицейлердиң барлық курсларында барлық пәнлер бойынша жуўмақлаўшы қадағалаўлар, ярым жыллық ҳәм жыллық баҳалары айырықша болған, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған питкериўшилерге бериледи.

Гүмис медаль улыўма билим бериў мәкемелериниң 9-класын питкергени ҳаққындағы ең үлгили дәрежели аттестациясы болған, улыўма орта билим бериў мәкемелериниң 10- ҳәм 11-класларында ямаса академиялық лицейлердиң барлық курсларында барлық пәнлер бойынша жыллық баҳалары ең жақсы болған, үлгили минез-қулқы ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған питкериўшилерге бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги