Қазақстан энергетика министриниң орынбасары Сабит Нурлыбай Арал теңизин сақлап қалыў бойынша Өзбекстан тәрепи менен биргеликте алып барылған жумыслар ҳаққында айтып берди. Бул ҳаққында Kazinform хабар берди.

«Ҳәммеге мәлим, Арал машқаласы СССР дәўиринен берли актуал болып табылады. Сол ўақытлары суўғарылатуғын жерлерди кеңейтиў жумысы басланған, нәтийжеде бүгингидей Арал теңизиниң қурыў машқаласы сыяқлы унамсыз ақыбетлер жүзеге келген. Ҳәзирги ўақытта қурып қалған теңиздиң түбинен ҳәр жылы ҳаўаға миллионлаған тонна дуз көтериледи. Теңиздиң қурыўы аймақтың экологиясы ушын унамсыз ақыбетлерди келтирип шығарды», – деди Сабит Нурлыбай Арал теңизи бассейниниң экономикалық, экологиялық ҳәм социаллық мәселелерин тәртипке салыў бойынша дөңгелек стол сәўбети даўамында.

Министр орынбасары ҳүкиметлер аралық шәртнамалар шеңберинде бул машқалаларды қоңсылас мәмлекетлер менен шешиў бойынша жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.

«1997-жылы Өзбекстан ҳәм Қазақстан қоршаған орталықты қорғаў тараўында ҳүкиметлер аралық келисимге қол қойған, комиссия дүзилген. Тилекке қарсы, 20 жыл даўамында бул комиссия ҳеш қашан ҳеш қандай илажлар өткермеген. Өткен жылдың сентябрь айында Ташкентке сапар еттим, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм суў сапасы бойынша биргеликте жумысшы топар дүздик. Бириншиден, оның қурамын тастыйықладық. Екиншиден, биз Өзбекстан-Қазақстан қоспа жумысшы топарының биргеликтеги уставын тастыйықладық. Үшиншиден, жақын үш жыллық жумыс жобасын дүзип алдық. Яғный, биз бул бағдарда жумыс басладық ҳәм комиссияның биринши жыйналысын өткердик», – деп қосымша етти Сабит Нурлыбай.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги