Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының тез жәрдемди  қыстаўлы түрде шақырыўға мөлшерленген күни-түни ислейтуғын бирден-бир телефон номериниң үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлейтуғын Call орайы ашылды.

Орай ҳәзирше 103 телефон номерине келген қоңыраўларды тек Нөкис қаласы аймағынан қабылламақта. Бүгинги күнде пайтахтымыз бойынша хызметтеги 25 қыстаўлы медициналық жәрдем автомашинасынан медициналық жәрдемге мүтәж пуқараға ең жақын аралықта жайласқаны анықланып, көшпели бирагадаға жедел түрде наўқас ҳаққындағы мағлыўматлар жеткериледи. Call орайы заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, сондай-ақ, операторлар, орта медициналық ҳәм техникалық хызметкерлер менен тәмийинленген.

Call орайына арнаўлы таңлаў арқалы жумысқа алынған операторлар еки айлық шеберлик сабақларында компьютер технологиялары бойынша билимин арттырып, жаңа системада жумыс алып барыў барысында тәжирийбесин жетилистирип бармақта. Сондай-ақ, жергиликли қәнигелер Түркия мәмлекетиниң Измир, Россия Федерациясының Санкт-Петербург қалаларында болып, тез медициналық жәрдем хызмети жумысларын үйренип келди.

Президентимиздиң өткен жылы 25-январьдағы «Тез медициналық жәрдем хызметин және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Call орайы Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қурамындағы «ӨзМедИнфо» мәкемеси тәрепинен шөлкемлестирилип атырған болып, Өзбекстан бойынша тез медициналық жәрдем бирагадаларын бирдей санлы радиобайланыс қураллары (рациялар) менен тәмийинлеў ҳәм олардың Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, «Ўзтрансгаз» акционерлик жәмийетиниң қыстаўлы хызметлери менен өзара биргеликте жумыс алып барыўы нәзерде тутылған.

Нөкистеги Call орайын шөлкемлестириў ушын 116 миллион сумнан аслам қаржы жумсалып, орайда оңлаў, интернет тармағының ҳәм телефонлардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде оптикалық-талшықлы кабель тартыў, диспетчер ханасына шақырыўларды қабыллаў ушын 18 телефон линиясын тартыў, шақырыўларды орайластырыўға хызмет ететуғын компьютерлер ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылды.

Әҳмийетлиси, Call орайында барлық сөйлесиўлер келешекте анализлеў ҳәм қадағалаў ушын жазып алынады.

Бүгинги күнде 12 миллион сумға 24 дана GPS -навигатор сатып алынып, қыстаўлы медициналық жәрдем автотранспортларының ҳәрекетин мониторинг етиў ушын GPS -навигацияларынан пайдаланып киятырған болса, кейин ала басқышпа-басқыш санлы радиобайланысқа өтиў арқалы жумыс және де жеделлестириледи. Ҳәзир 146 қыстаўлы медициналық жәрдем автомашинасының баратырған орны, жарамсыз ҳалатта оңлаўда турғаны GPS -навигациясы арқалы бақлап турылады. Көшпели бригадалардың барлығы планшетлер менен тәмийинленип, орайдан жиберилген шақырыўлардың мәнзилин онлайн картадан пайдаланған ҳалда таўып алыў имканиятына ийе болады. Соның менен бирге, келешекте Call орайы республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан қоңыраўларды қабыллап баслайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги