USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 8 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

НЕФТЬ-ГАЗ ҲӘМ ХИМИЯ САНААТЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ҲӘР ТӘРЕПЛЕМЕ ДОДАЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-февраль күни нефтьгаз ҳәм химиясанаатында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилигин таллаўбул тармақлардысистемалы раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Елимизде жанылғы-энергетика тараўларын комплексли раўажландырыў ҳәм энергия дәреклерин диверсификациялаў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Бул экономика тармақлары ҳәм халықтың энергия ресурсларына артып баратырған зәрүрликлерин қанаатландырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Быйылғы Инвестициялық бағдарламаға тараў бойынша улыўма нырқы 27,8 миллиард долларлық 26 жойбар киргизилген. Президентимиз бул жойбарлар менен ҳәр күни шуғылланыў, олардың өз мүддетлеринде ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

Энергетика ҳәм Қаржы министрликлерине «Шортан газ-химия комплексиниң тазаланған метаны тийкарында синтетикалық суйық жанылғы (GTL) ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» жойбары бойынша 2,3 миллиард долларлық сырт ел кредитлериниң қаржыландырыў шәртлерин белгилеў, «Шортан газ-химия комплексиниң өндирислик қуўатлықларын кеңейтиў» жойбары бойынша Россия «Газпромбанк»иниң  300 миллион долларлық кредитин тартыў ўазыйпасы жүкленди.

Мүбәрек газди қайта ислеў заводы, «Шортаннефтьгаз ҳәм Газлинефтгаз» кәрханаларында суйылтырылған газ ислеп шығарыў, нефть ҳәм газ қазып шығарыў, геологиялық излеў үскенелерин сатып алыў сыяқлы жойбарларға талап етилетуғын қаржыларды елимиздиң еврооблигациялары есабынан қаржыландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Геология-излеў жумыслары қыйын болған аймақларға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў талап дәрежесинде емеслиги көрсетип өтилди.

  Мәжилисте системада топланып қалған дебиторлық қарыздарлықты азайтыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

dcd5420c-cd8b-c077-842f-4623393126a2.jpg

Тармақтың экспорт потенциалы талланып, бул бағдарда тек ғана газге байланып қалмастан, углеводородларды терең қайта ислеў тийкарында экспорт көлемин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

«Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Өзхимиясанаат» басшылығына тәбийғый газден жоқары қосымша қунлы полимер, полистирол, ПЭТ, синтетикалық каучук ислеп шығарыў концепциясын таярлаў, усы жылдың май айында Ташкентте болып өтетуғын нефть-газ бойынша халықаралық конференцияда сырт ел инвесторларына усыныў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте «Өзбекнефтьгаз» АЖ системасын жетилистириў бойынша усыныслар таярлаў, тарифлерди базар принциплери тийкарында қайта көрип шығыў, нефть базалары ҳәм аймақлық газ тәмийнаты хызметлери, соның ишинде, Ферғана нефтьти қайта ислеў заводын исенимли инвесторлар басқарыўына бериў бойынша анық илажлар да нәзерде тутылыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте нефть-газ тараўы менен өз-ара байланыслы болған химия тармағындағы жумыслар да талланды.

Химия санаатын раўажландырыў, өним ислеп шығарыўды диферсификациялаў мақсетинде улыўма нырқы 8 миллиард долларлық 33 жойбар белгиленген болып, быйыл 4 жойбар иске түсирилиўи режелестирилген.

Президент химия  санааты жоқары рентабельли тармақ екенин атап өтип, 2019-2025-жылларға белгиленген перспективалы жойбарларға тиккелей инвестицияларды тартыў бойынша тапсырмалар берди.

Соның ишинде, Қоқанд суперфосфат, Қоңырат сода заводлары бойынша сырт елли шериклер менен келисимлерге ерисиў, Янгиер қаласында аммиак ҳәм карбамид заводын қурыў бойынша инвесторларды анықлаў ўазыйпасы қойылды. Химия санааты кәрханаларын модернизациялаўды жеделлестириў, өнимлердиң сапасын арттырыў мақсетинде тараўды жеке меншик мүлкшилик тийкарында раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

«Өзхимиясанаат» басшылары бүгинги әҳмийетли мәселелерден келип шығып, тек ғана минерал төгинлер менен шуғылланып қоймастан, тараўды көп тармақлы системаға айландырыў жолында излениўи керек. Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, олардың түрин көбейтиў бойынша перспективалы жойбарларды белгилеў зәрүр, деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлемлеме берди.

ӨзА