Елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылмақта. Жаслардың жаңа жойбарларын ен жайдырыў, оны жаңа идеялар менен байытып, тәжирийбелерин арттырыўда ҳәр түрли шеберлик сабақлары ҳәм оқыў-семинарларының тутқан орны айрықша.

Усы жыл 20-февраль күни пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық  Кеңеси, қала ҳәм районлық Жетекшилер Кеңеси ҳәм «Камалак» Сәрдарлар Кеңеси жумысларын еле де жетилистириў, жаңа жойбарлар менен ислесиў бойынша тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде оқыў-семинар болып өтти.

Семинарға аўқамның район(қала)лық Кеңеслериниң Жетекшилер Кеңеси бас жетекшилери ҳәм «Камалак» Сәрдарлар Кеңеси баслықлары қатнасты.

– Оқыў семинарлары биз жаслардың билим ҳәм көнликпелеримизди арттырыўға жәрдем береди. Бүгинги болып өткен семинар жаңа жойбарларды әмелге асырыўымызға, оны жаңа идеялар менен байытыўымызға түртки болары сөзсиз,-дейди семинар қатнасыўшысы Ғ.Махмудов.

Тренер Лобар Ражапбаева тәрепинен интерактив усылда өткерилген оқыў-семинары барлық қатнасыўшыларда қызығыўшылық оятты ҳәм олар өзлериниң жаңа жойбарларын жетилистириў бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.