Республикалық Гидрометеорологиялық орайының хабар бериўинше, 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа райы өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи.
Түнги ўақытларда 2-7 градус суўық, күндизги ўақытларда 5-10 градус жыллы болыўы күтиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги