Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы Қарақалпақстанда 15 жаслы қыздың топар болып зорланғаны ҳаққында ҒХҚларда тарқалған хабар бойынша «Дарё»ға анық мағлыўмат берди. Тастыйықланбаған мағлыўматларға қарағанда, оқыўшы қыздың бес айлық ҳәмилеси бар.
Бас прокуратура баспасөз хызметиниң бул мәселеге анықлық киргизиўинше, Қарақалпақстанда болып өткен ўақыяны бир неше басылымларда жәрияланғаны сыяқлы зорлаў, анықлаў етип айтқанда, топар болып зорлаў деп атаўға болмайды. Қыз 20 жаслы еркек пенен өз қәлеўине қарай байланыс орнатқан.
«Қарақалпақстанның Шымбай районы Ишки ислер басқармасы 13-февраль күни 1999-жылы туўылған еркекке Жынаят кодексиниң 128-статьясының 1-бөлими – 16 жасқа толмаған шахс пенен жынысый байланысқа кирисиў бойынша жынаят иси ашты», – деген Бас прокуратура баспасөз хаткери Сурайё Раҳмонова.
Нызамшылыққа муўапық, ержетпеген қыз бенен байланысқа кирискен жигит жәмийетлик жумыслардан 3 жыллық мүддетке еркинен айырыў жазасына шекемги жазаға тартылыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги