Нөкис районында бәнтликке көмеклесиў орайы ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси менен биргеликте бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилди.
– Мийнет ярмаркасында 123 пуқара қатнасты, – дейди Нөкис районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы С.Абатова. – Жаңадан шөлкемлестирилген ҳәм бос жумыс орынларына ҳаял-қызларды, колледж питкериўшилерин, майыплар және амнистия акти тийкарында жазадан азат етилген пуқараларды тартыўға айрықша итибар қаратылды. Ярмаркада 57 пуқара жумыс пенен тәмийинленген болса, соннан ҳаял-қызлар 35, жаслар 30 ды қурайды.
– Районымыздағы 34 кәрхана 106 бос жумыс орнын усынды, – дейди Нөкис районлық бәнтликке көмеклесиў орайының баслығы Д.Отарбаев. – Берилген имканияттан пайдаланып, көплеген жумыссыз пуқараларымыз турақлы жумыс орнына ийе болмақта.
Илаж шеңберинде шөлкемлестириўшилер ҳәм қәнигелер тәрепинен пуқараларға мийнет нызамшылығы, олардың ҳуқықый билимлерин арттырыў бойынша мәсләҳәтлер, зәрүрли усыныслар ҳәм илаж қатнасыўшыларының сораўларына жуўап берилди.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.