Республикалық Гидрометеорологиялық орайының хабар бериўинше, 20-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды.

Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнги ўақытларда 5-10 дәреже суўық, күндизги ўақытлары 0-5 градус жыллы болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.