Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры Байрамбай Отемуратов филология факультетинде оқып атырған шын жетим, бағыўшысынан айрылған, шаңарақлы, төлемли контракт тийкарында оқып атырған кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери болған жаслар, сондай-ақ, институтта билим алып атырған сырт ел пуқаралары менен ашық сәўбетлесиў өткерди.

Дәслеп институт ректоры өндиристиң түрли тараўларына тәжирийбели педагог кадрларды таярлаў бойынша институтта жаратылған шараятлар, әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге, орын алып атырған кемшиликлерге тоқтап өтти. Бул кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында да атап өтти.

Буннан соң студентлер өз сораўлары менен мүрәжат етти. Сораўлардың басым көпшилиги төлемли контракт муғдарын төлеў бойынша дус келип атырған қыйыншылықлар, тәлим кредити менен байланыслы машқалалар, сондай-ақ, материаллық жәрдем сорап мүрәжат етиў, студентлер турақ жайынан пайдаланыў, оқып жүрип, турмыс қурған студентлердиң оқыў менен байланыслы машқалалары ҳәм т.б. ибарат болды.

Ушырасыўға институттың кәсиплик аўқамы баслығы К.Гүлимбетов қатнасып, жәрдемге мүтәж студентлерди материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша кең түсиник берди.

Ашық сәўбетлесиўде студентлер тәрепинен көтерилген мәселелер, сораўлар ҳәм усыныслар жазып алынып, тийисли жуўапкер орынлар менен биргеликте шешиў ушын усыныслар ислеп шығылатуғынлығы атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.