Сайлаў кодекси жойбарын ислеп шығыўда, тийкарынан, үш дәрекке сүйенилди.

Биринши дәрек – сайлаў ҳаққындағы миллий нызамшылық ҳәм сайлаў әмелияты. Усы жерде Өзбекстан Республикасы Конституциясы, сайлаўға байланыслы 5 Нызам ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 40 қа шамалас нызам асты ҳүжжетлери, сондай-ақ, демократиялық сайлаўлар өткериў бағдарындағы дерлик 30 жыллық миллий сайлаў әмелиятымыз тийкарында жумыс алып барылғанын атап өтиў керек.

Екинши дәрек – сайлаўларға байланыслы алдынғы сырт ел тәжирийбеси. Кодекстиң жойбарын таярлаў даўамында 50 ден аслам мәмлекетлер, атап айтқанда, Франция, Нидерландия, Канада, Италия, Швеция, Бельгия, Польша, Албания, Беларусь, Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң сайлаў кодекслери ҳәм нызамлары үйренилди. Таллаўлар  ҳәзирги ўақытта Франция, Бельгия, Польша, Албания, Армения, Әзербайжан, Болгария, Грузия сыяқлы 40 мәмлекет өзиниң бирден-бир сайлаў кодексине ийе екенин көрсетти.

Үшинши дәрек – сайлаўларға байланыслы халықаралық стандартлар ҳәм демократиялық принциплер. Сайлаўға байланыслы 10 нан аслам халықаралық ҳүжжет ҳәр тәреплеме талланып, олардың тийкарғы идеялары менен стандартлары Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси жойбарының нормаларына терең сиңдирилди. Бундай ҳүжжетлердиң қатарына Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы пакт, ЕҚБШның адамгершилик нормалары ҳаққындағы ҳүжжетлери, соның ишинде, 1990-жылғы Копенгаген ҳүжжети, парламентлераралық Аўқамның Әдалатлы сайлаўлар ҳаққындағы декларациясы ҳәм басқа да халықаралық ҳүжжетлер киреди.

Акмал САИДОВ,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы

Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес

шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары

 комитетиниң баслығы

«Халқ сўзи»  газетасы 2019-жыл 16-февраль №33 (7263)