Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң басламасы менен жәмлеспеген ҳәм тәрбиясы аўыр жаслар, ишки ислер уйымларында профилактикалық есапта турған шахслар арасында түрли руўхый-ағартыўшылық илажлары өткерилип келинбекте.

Жақында Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясы менен биргеликте «Армияда бир күним», «Жазаны өтеў мәкемелерине саяхат», «Ибратлы жаслар» атамасында илажлар болып өтти.

«Армияда бир күним» илажында жаслар Нөкис гарнизонына қараслы әскерий бөлимлердиң биринде болып, әскерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Олардың жасаў ҳәм аўқатланыў, бос ўақытларын өткеретуғын орынларда болды. Қураллы Күшлер тараўындағы соңғы жаңалықлар, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларына жаратылып атырған имканиятлар, әскерий хызметин өтеп қайтқан жасларға берилип атырған жеңилликлер дөгерегинде пикир алысыўлар болды. Жаслар менен түрли спорт шынығыўлары өткерилди.

«Жазаны өтеў мәкемелерине саяхат» илажы да жасларымызда айрықша тәсир қалдырды. Билип-билмей жынаятқа қол урып, жаслық дәўириниң бүгинги мәўритлерин жазаны өтеў орынларында өткерип атырған жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Олар өзлериниң ислеген ислеринен пушайман екенлигин билдирди.  Жасларды бундай жолдан аўлақ болыўға, елимизде оларға берилип атырған кең мүмкиншиликлерден пайдаланыўға шақырды.

Жаслар орайында илим, билимлендириў, спорт, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған жаслар менен ушырасыў өткерилди. «Ибратлы жаслар» атамасында өткерилген илажда жасларымыз қолға киргизген жетискенликлери, оларға жаратылған шараятлар, алдағы мақсетлери туўралы айтып берди.

-Бундай илажларды өткериўдеги мақсет, жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың елимизге пидайылық ҳәм садықлық пенен хызмет етиўге болған жуўапкершилигин арттырыў,  миллий дәстүр және қәдириятларымызға, соның менен бирге, Нызамларға ҳүрмет сезимлерин қәлиплестириў болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының бөлимше баслығы, капитан Азамат Сержанов.-Ең баслысы, жәмлеспеген ҳәм тәрбиясы аўыр жаслар, ишки ислер уйымларында профилактикалық есапта туратуғын шахслар арасында жынаятшылық және ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, олардың келешекте турмыстан өз орнын табыўына жәрдемлесиўден ибарат.

-Өткерилген ушырасыўлар бизлерде айрықша тәсир қалдырды,-дейди Төрткүл районынан Қуўаныш Мырзабаев.- Әсиресе, әскерий бөлимде болып өткен илаж көпшилигимизде әскерий хызметке болған қызығыўшылығымызды арттырды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикаси системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жаслар арасында бундай илажлар алдағы ўақытлары да даўам етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.