Мойнақ районында «Мойнақ аква санаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен райондағы балық консерва заводының қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, жойбардың сметалық баҳасы 26 млрд 200 млн сум болып, жабық суў айланба системасы шөлкемлестирилиўи жобаластырылған.

Завод жылына 9 млн дана балық консерва өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады.

Завод иске түсирилсе, районнан 62 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.