Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Министрлер Кабинетиниң «2020-2022-жылларда халық билимлендириў мәкемелериниң материаллық техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды.

Жойбарға муўапық, 2020-2022-жылларда халық билимлендириў мәкемелерин жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм түпкиликли оңлаў бойынша тийкарғы параметрлери, халық билимлендириў мәкемелерин мебель, оқыў-лабораториялық әсбап-үскенелер, спорт инвентарлары ҳәм оқытыўдың техникалық қураллары менен тәмийинлеўдиң тийкарғы параметрлери, халық билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, түпкиликли оңлаў ҳәм үскенелеў (толық үскенелеў)диң ҳәр жылғы бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў тәртиби ҳаққындағы Устав тастыйықланыўы мүмкин.

Ҳүжжет жойбарына муўапық, 2020-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында 13 мектепти жаңадан қурыў, 107 мектепте капитал реконструкциялаў жумысларын алып барыў ҳәм 92 мектепте түпкиликли оңлаў жумысларын алып барыў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.