Президент Шавкат Мирзиёев Ховос районына барып, дәслеп Ховос қалашасының бас режеси менен танысты.

«Мирзашөл тәжирийбеси» тийкарында Ховос қалашасының жаңа орайы бой тиклеўи режелестирилген. М-39 автомобиль жолы бойындағы 42 гектар аймақта комплексли қурылыс жумыслары жобаластырылған. Оған муўапық, бул жерде жергиликли ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының имаратлары, мәмлекетлик хызметлер агентлиги, коммерциялық банклер, турақ жайлар, мектеплер, дем алыў орны, еслеў майданы, кинотеатр, китапхана, мешит, базар, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары қурылады. Жол инфраструктурасын раўажландырып, халық ҳәм транспортлар ушын қолайлықлар жаратылады.

Ховоста соңғы елиў жыл даўамында бир рет болса да көп қабатлы жай қурылмаған. Адамлар гөнерген, тар, ызғар үйлерде жасап келген. Енди ҳәр жылы жаңа қөп қабатлы жайлар қурылып, халықтың социаллық шараятлары басқышпа-басқыш жақсыланып барады. Шанарақлық жағдайы жақсыланған адамның үмити, ертеңги күнге исеними де ийгиликли болады.

Усы мақсетте хызмет ететуғын және бир қайырлы баслама: «Ўзпахтасаноат» акционерлик жәмийети тәрепинен Сырдәрья ўәлаятында 32 тигиўшилик комплекслерин шөлкемлестириў режелестирилген. Бул цехлар тийкарынан кем тәмийинленген ҳәм майып болған ҳаял-қызларға мөлшерленген болып, жәми 4 мың 200 ден аслам жумыс орны жаратылады.

Президентимиз усы жерде ховослы нуранийлер, мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслар менен сәўбетлести.

Мәмлекетимизде үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырғанын, мәмлекет пенен биргеликте адамлар да ояныўы, абадан жасаўға умтылыўы кереклигин атап өтти. Ховослылар ўәлаяттың раўажланыўына, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған жаңа режелерден қуўанышлы екенин билдирди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы усы райондағы «GRAN RUTA DE LA SEDA» кәрханасы тәрепинен заманагөй түрде шөлкемлестирилген гидропоника ыссыхана комплексин көзден өткерди.

Мәмлекетимизде аўыл-хожалығын модернизациялаў, өндириске жаңа технологияларды енгизиў, аграр тараўын раўажландырыўда алдынғы тәжирийбе ҳәм инновацияларды, заманагөй агротехникалық илажларды қолланыў, мийўе-овощларды қайта ислеў ҳәм экспортты шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгинги күнде елимиздиң барлық аймақларында гидропоника усылында ыссыханалар қурылмақта. Бул болса сапалы палыз өнимлерин жетистириў, көплеген жумыс орынларын жаратыў имканиятын берип атыр. Бундай ыссыханалар ықшам ҳәм нәтийжелилиги менен әҳмийетли болып есапланады.

Қәнигелердиң пикиринше, әпиўайы усылда житистирилип атырған помидор нәллеринен 3 килограмм өним алынса , гидропоника усылында зүрәәтлилик 12 килограммды қурайды. Егинлердиң писип жетилисиўи 25-30 күнге қысқарады.

Бул ыссыханаларда Голландиядан зүрәәтли помидор ҳәм қыяр сортлары алып келинип, егилген. Ҳәзирги ўақытта бул өнимлер гидропоника усылында жетистирилмекте. Усы жердеги барлық процесс толық автоматластырылған.

Гидропоника усылындағы ыссыханада Корея Республикасынан заманагөй әсбап-үскенелер алып келинип орнатылды. Ыссыханадағы температура, өсимликтиң суў ҳәм от-жемге талабы терең таллаў арқалы анықланады. Түрли минераллар менен байытылған суў тамшылатыў усылында өсимликтиң тамырына жеткериледи.

2017-жылы кәрхана қурылысы ушын 1,5 гектар жер майданы ажыратылып, 700 мың доллар қаржы есабынан 1 гектар майданда ыссыхана шөлкемлестирилди. 150 тонна, 1,5 миллиард сумлық помидор жетистирилди ҳәм 18 жаңа жумыс орны жаратылды.

2018-2019-жыллары Ипак йўли банки тәрепинен кәрханаға ажыратылған 4,5 миллион долларлық кредит қаржылары және кәрхананың 1,2 миллион долларлық инвестициялары толық өзлестирилип, 9 гектар ыссыхана иске түсирилди ҳәм 120 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Улыўма майданы он гектар болған ыссыханада жылына 1 мың 500 тонна помидор жетистириледи. Сондай-ақ, 2 миллион долларлық аўыл-хожалығы өнимлерин экспорт етиў нәзерде тутылған. Бул жерде 120 адам жумыс орнына ийе болды.

Кәрхана тәрепинен усы жылдың үшинши шерегинде және 10 гектар ыссыхананы иске түсириў режелестирилген. Нәтийжеде 1,5 мың тонна өним ислеп шығарылады, 100 жумыс орны жаратылады.

Президентимиз бул ыссыхананы кеңейтиў, бул жерде Қубла Кореядан келтирилип, пайдаланылып атырған заманагөй технологияларды өзимизде ислеп шығарыў ҳәм қәрежетти азайтыў кереклигин атап өтти.

Умар Асроров, ӨзА