Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-февраль күни Сырдәрья районындағы «Сирдарё универсал ойна» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

«Сырдәрья» еркин экономикалық зонасы аймағында шөлкемлестирилген бул кәрханада фармацевтика ҳәм азық-аўқат санааты ушын шийше ыдыслар ислеп шығарылады. Өткен жылы июнь айында жумыс баслаған кәрханада баҳасы 50,16 миллион АҚШ долларлық жойбар әмелге асырылды ҳәм импорт орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылды.

Мәмлекетимиз фармацевтика санаатына усы ўақытқа шекем ҳәр жылы 4 миллион долларлық шийше флаконлар импорт етилетуғын еди. Бул кәрхана иске түскеннен соң тек ғана ўәлаятдағы емес, ал елимиздеги барлық фармацевтика кәрханаларына шийше ыдыслар жеткерип бериў имканияты жүзеге келди.

Кәрханаға Германия, Чехия ҳәм Францияда ислеп шығарылған ең заманагөй технологиялар орнатылған. Усылар тийкарында жергиликли шийки заттан 100 ден аслам түрдеги шийше ыдыслары таярланбақта.

Усы жылы толық қуўатлылық пенен ислеп баслайтуғын кәрханада жылына 102 миллион дана шийше ыдысы ислеп шығарылады, 2 миллион долларлық өним экспорт етилиўи күтилмекте. Кәрханада 450 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Президентимиз шийше ыдыслар ислеп шығарыўдың технологиялық процесин, таярланып атырған өнимлердиң үлгисин көзден өткерди.

d64a75da-34df-2d2c-b3f9-f94e53a41ce9.jpg

Усы жерде «Сирдарё универсал ойна» кәрханасы тәрепинен кластер усылында әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Кәрхана жанында «Сирдарё гласс» ЖШЖ тәрепинен жаңа технология тийкарында бир ўақыттың өзинде фармацевтика ҳәм азық-аўқат санааты ушын үш түрли реңдеги шийше ыдыслар таярлаў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 136,1 миллион дана өним болып, бул 11,3 миллион долларлық импорт орнын қаплаў имканиятын береди.

Келеси жылы иске түсирилетуғын кәрханада 500 жумыс орны жаратылады, жылына 3,7 миллион долларлық өним экспортқа бағдарланады.

«Сирдарё шиша» ЖШЖ тәрепинен шийше ыдыслар ушын кварц қумын қайта ислеў жолға қойылмақта. Жылына 438 мың тонна қум қайтадан исленетуғын кәрхана ушын «Асака банк»тен 5 миллион долларлық кредит ажыратылады, 5,1 миллион доллар кәрхананың өзиниң қәрежети болып табылады.

«Сирдарё универсал ойна» ҳәм «Сирдарё гласс» кәрханаларында ислетилип болынған ыссылық энергиясынан пайдаланып, овощларды Европа типиндеги ыссыханада жетистириў режелестирилмекте. Оған бола, «Сирдарё универсал ойна» кәрханасы жанында 10 гектарлық ыссыхана қурылады. Жойбар бес басқыштан ибарат болып, ыссыханаларды басқарыўдың толық автоматластырылған системасы, суўды қайта циркуляциялаў ҳәм жаўын суўларынан пайдаланыў, сапаны қадағалаў, ислеп шығарыў, ресурлар менен тәмийинлеўдиң европа системасын қамтып алады.

Бул ыссыханада жылына 2,5 мың тонна өним жетистириў, 6 миллион доллар атырапында сап пайда алыў және 5 миллион долларлық өнимди экспорт етиў нәзерде тутылмақта.

«Сирдарё фиш техноложи» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен жабық суў айланба системасы арқалы балық жетистириў ҳәм қайта ислеў режелестирилген. 2020-жылы иске түсирилетуғын жойбар нәтийжесинде жылына 2 мың 750 тоннадан аслам балық жетилистириледи, сыртқы базарға 3 миллион доллар, ишки базарға 2 миллион долларлық өним жеткерип бериледи.

«Сирдарё гласс» кәрханасы тәрепинен аўыл-хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў ҳәм консервалаў жолға қойылады. Усы жойбар арқалы жылына 3 мың тонна өним қайта исленеди, 140 жумыс орны  жаратылады. Бул ўәлаятта жетистирилип атырған мийўе-овощларды қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт етиў көлемин арттырыў имканиятын береди.

Усы жердиң өзинде ўәлаятта инвестиция қаржылары тийкарында фармацевтика, тоқымашылық, электротехника өнимлери ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў, Фарҳад ГЭСти модернизациялаў, Сардоба суў қоймаханасы жанында  киши ГЭС қурыў жойбарлары, «Сирдарё голден фрутс» ЖШЖ тәрепинен районда шөлкемлестирилген көп тармақлы логистика орайының презентациялары өткерилди.

 

ӨзА