Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-ноябрь күни елимизде рәсмий сапар менен болып турған ҳәм ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжлисине қатнасатуғын Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң баслығы Дмитрий Медведевти қабыл етти.
Сөйлесиў ўақтында усы жылдың апрель айында Москва қаласында өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, еки мәмлекет басшыларының ушырасыўлары, соның ишинде, октябрь айында ҒМДАның Сочи саммити шеңбериндеги сөйлесиў стратегиялық шериклик ҳәм Аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге күшли пәт бағышлағаны, өз-ара бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа мазмун менен байытқаны айрықша атап өтилди.
Көп қырлы Өзбекистан – Россия қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, экономиканың түрли тармақларында қоспа кооперация жойбарларын турмысқа енгизиў, мәдений-гуманитар байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.
Россия Ҳүкимети баслығы Дмитрий Медведев Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң жақсы тилеклерин жеткерди.
Еллеримиз шериклик қатнасықлары ҳәм өз-ара әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдан ҳәм беккемлеўден мәпдар екени атап өтилди.
ӨзА