Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық Халық қабыллаўханаларына хызмет автомашиналарын тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында Халық қабыллаўханаларының жумысларын жетилистириў, оларға кең имканиятлар ҳәм шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы «Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы халықтың мүрәжатлары менен ислесиў жумысларын жаңа басқышқа көтериў, оларды қыйнап киятырған ҳәр қандай машқалаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм шешиўде орын алып атырған кемшиликлерди сапластырыўға хызмет етпекте.  Усы Пәрман менен Халық қабыллаўханаларының машқалаларды үйме-үй жүриў арқалы анықлаўын ҳәм шешиўин, мәмлекетлик уйымлардың халық пенен тиккелей ислесиўин нәзерде тутатуғын жаңа система енгизилмекте.

Ҳақыйқатында да, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген прицип халқымыздың бүгинги турмысынан разы болып жасаўына тийкар жаратпақта. Қалалық ҳәм районлық Халық қабыллаўханаларының хызмет автомашиналары менен тәмийинлениўи олардың халықтың арасына терең кирип барыўында, машқалаларының тезлик пенен шешимин табыўында өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

-Бундай итибар ҳәм ғамқорлық бизлерге еле де жуўапкершилик жүклейди,-дейди Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районы Халық қабыллаўханасының баслығы А.Раззақова.- Халқымыздың, әсиресе, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларының машқалаларын шешиўде өзлеримиздиң бар билим және тәжирийбемизди аямаймыз.

Буннан кейин қалалық ҳәм районлық Халық қабыллаўханаларына 16 дана хызмет автомашиналары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы