Республикалық Гидрометеорологиялық орайының хабар бериўинше, 19-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айрым жерлерге қар жаўады. Думан түсиўи мүмкин.
Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте есип турған самал айрым жерлерде секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи мүмкин.
Түнги ўақытлары 3 градусқа шекем суўық, 2 градус жыллы болыўы, күндизги ўақытлары 0-5 градусқа шекем жыллы болыўы күтиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги