Мәмлекетлик хызмет көрсетилгенлиги ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 5 проценти – 10 136 сум муғдарында жыйым өндириледи.

Ҳүкимет қарары менен Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымлары тәрепинен архив ҳүжжетлерин бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң административлик регламенти тастыйықланғаны ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар бермекте.

Оған муўапық, арза бериўши мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ҳәм орай хызметкери тәрепинен электрон сораўнама толтырылады.

Сораўнамаға төмендегилер қосымша етиледи:

  • паспорт нусқасы;
  • исеним хаты тийкарында ҳәрекет етип атырғанда оның нусқасы;
  • марҳумға туўысқанлықты тастыйықлайтуғын ҳүжжет;
  • арза бериўши ўәсиятнамаға тийкарланып мийрасхор болғанда – ўәсиятнама ҳәм марҳумның өлими ҳаққында гүўалық нусқалары.

Мәмлекетлик хызмет көрсетилгенлиги ушын ең кем айлық мийнет ҳақының 5 проценти (10 136 сум) муғдарында жыйым өнидириледи.

Орай хызметкери сораўнаманы толтырғаннан кейин 10 минутта тийисли ПҲАЖ уйымына жибереди.

ПҲАЖ уйымы сораўнама түскенинен 1 жумыс сааты даўамында 14-код қойылған мағлыўматнаманы Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

Мәмлекетлик хызметлер орайы мағлыўматнама келип түскеннен кейин 10 минутта оны арза бериўшиниң электрон мәнзилине жибереди ҳәм мәлим етеди.

ӨзА