2019-жыл 1-апрельден баслап транспорт басқарыў гүўалықларын алмастырыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы онлайн тәртипте мүрәжат етиў мүмкин.

1-апрельден баслап Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы транспорт басқарыў гүўалығын алмастырыў ушын арза тапсырыў мүмкин болады. Бул Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов ҳәм Әдиллик министри Русланбек Давлетовтың 2019-жыл 13-февральда тастыйықлаған «Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы тәжирийбе тәризинде көрсетилип атырған жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўындағы айрым хызметлерди жетилистириў ҳаққында»ғы қарарда нәзерде тутылған.

Қоспа қарарға муўапық, пуқаралар быйылғы жылдың 1-апрелинен баслап Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталыарқалы онлайн тәртипте транспорт басқарыў гүўалықларын алмастырыў ушын мүрәжат етиўи мүмкинлиги, бунда олардың фотосүўретлери Ишки ислер министргиниң мағлыўматлар базасынан автоматластырылған система арқалы алыныўы (бул фотосүўрет мүрәжат етиўшини қанаатландырмаған жағдайда, өзи келген ҳалда фотосүўретке түсиўи мүмкин) көрсетилген.

Жаңалық пүткил республика бойынша енгизиледи. Хызметтен пайдаланыў ушын мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы усыныс етилетуғын электрон санлы имза талап етиледи.

Киргизилген мағлыўматлар тексерилгеннен соң мәмлекетлик бажыны төлеў ушын квитанция таярланады. Таяр ҳүжжетти мәмлекетлик хызметлер орайынан алыў мүмкин.

Есетип өтемиз, мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы миллий транспорт басқарыў гүўалығын жаңа үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығына алмастырыў мәмлекетлик хызмети 2021-жылдың 1-январына шекем әпиўайыластырылған тәртипте әмелге асырылады. Бул мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын пуқаралар паспорт ҳәм бурынғы үлгидеги транспорт басқарыў гүўалығы және оның талоны, сондай-ақ, ең кем айлық мийнет ҳақысының 70 проценти муғдарында төлем әмелге асырылғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди усыныўы талап етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.