Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегера постының хызметкерлери тәрепинен сапасы кепилленбеген биоактив қосымталар ҳәм дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына өз ўақтында шек қойылды.

Елимиз аймағына өзиниң «Каптива» маркалы автомашинасы менен кирип киятырған пуқара М.А. белгиленген тәртипте  бажыхана тексериўинен өткерилгенде, оның автомашинасында бажыхана хызметкерлерине билдирилмеген ҳәм деклерацияда көрсетилмеген 25 миллион сумлық биоактив қосымталар бар екенлиги анықланды. Солай етип, пуқара Ю.Б.ның алдын-ала ойлаған режеси пушқа шықты. Оның автомашинасы бажыхана тексериўинен өткерилгенде, 48 миллион сумға шамалас биоактив қосымталарды жасырын түрде алып киятырған мәлим болды.

Буннан тысқары, «Волгоград-Ташкент» поезды бажыхана тексериўинен өткерилгенде, вагонлардан бириниң плафонының артына  жасырылған 15 миллион 230 мың сумлық түрли дәри-дәрмақлар бар екенлиги анықланды.

Алынған айғақлы затлардың улыўма баҳасы 88 миллион сумды қурады.

Ҳәзир бул фактлер бойынша бажыхана тексериўлери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.