Усы жыл 16-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Ш.Аюбов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, ҳуқық-қорғаў уйымларының жәмийетшилик пенен бирге ислесиўин жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, бул бағдарда жүзеге келген машқалалар ҳәм оларды шешиў мәселелерине бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде атап өтилгениндей,  тийкарғы мәселе, ҳуқықбузарлықлардың ақыбетлери менен гүресиў емес, ал ерте алдын алыў, жүз бериўге имкан берген себеп ҳәм шараятларды өз ўақтында сапластырыўдан, ҳәр бир пуқараның санасында «Мениң мәҳәллемде жынаят болмаўы керек» деген сезимди қәлиплестириўден ибарат. Бунда мәмлекетлик уйымлар, зыялылар, мәҳәлле белсендилери ҳәм басқа да жәмийетлик структуралардың ўәкиллери менен бир қатарда Ишки ислер уйымларының таяныш пунктлери профилактика инспекторларына да айрықша ўазыйпалар жүкленген.

Президентимиздиң басламасы менен олардың хызмет ўазыйпасын атқарыўы ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў мақсетинде өзлери хызмет етип атырған аймақтан турақ жай, коммерциялық банклердиң жеңиллетилген кредити есабынан автомашина, хызмет бөлмелери, заманагөй байланыс қураллары ҳәм зәрүр мебель үскенелери менен тәмийинленбекте. Себеби, профилактика инспекторлары бүгинги күни халықтың тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, аймақта ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, пуқаралардың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалар шешиўде олардың ҳақыйқый сүйенишине айланбақта.

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2011-жыл 15-июнь күни «Үлгили милиция таяныш пунктлери арасында таңлаўлар өткериў ҳаққында»ғы» қоспа қарары қабыл етилди. Республикамыз аймағында социаллық-руўхый орталықтың турақлылығына ерисиў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў, ишки ислер уйымларының таяныш пунктлериниң алдыңғы ис тәжирийбелерин кеңнен үгит нәсиятлаў, профилактика инспекторларының машақатлы мийнетин ылайықлы баҳалаў, бул бағдарда бирге ислесип киятырған жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллерин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде дәстүрий тәризде өткерилип киятырған булл таңлаўдың әҳмийети айрықша болмақта.

Таңлаў жуўмағында Елликқала районындағы «Қырққыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 190-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти биринши, Нөкис қаласындағы «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 8-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти екинши, Шымбай районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағына хызмет көрсетиўши 165-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пункти үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, «Ең пидайы сектор басшысы», «Ишки ислер уйымлары баслықларының жаслар мәселелери бойынша ең белсенди орынбасары», «Ибратлы ҳаял-қызлар комитети баслығы», «Ең пидайы пуқаралар жыйынының баслығы», «Ең белсенди профилактика инспекторы», «Әдалатлы жарастырыў комиссиясы», «Ең белсенди  мәҳәлле сақшысы»,  «Ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша  белсенди қәниге», «Ең белсенди жаслар жетекшиси» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

-Түркменстан мәмлекети менен шегералас болған «Чайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Бозсув» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 9600 халық жасайды,-дейди Әмиўдәрья районы ИИБ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси ишки ислер уйымлары таяныш пунктлериниң профилактика аға инспекторы, «Ең белсенди профилактика инспекторы» номинациясының жеңимпазы, майор Икрам Султанов.-Пуқаралар жыйынларының басшылары,  тийисли шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте турақлы түрде рейдлердиң өткерилип турылыўы, үйме-үй жүрип халықтың машқалаларын үйрениў нәтийжесинде өткен жыл ҳәм быйылғы жылдың өткен айлары даўамында бир де жынаят жүз бермеди. Президентимиз тәрепинен бизге жаратылып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, алдағы ўақытлары да жынаятшылықты болдырмаўға ҳәрекет етимиз.

Таңлаўдың сыйлы орын ийелерине, номинация жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж республика көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.