Тахтакөпир районы орайында кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж бес шаңараққа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының қәўендерлигинде жаңа турақ жайлар тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкиминиң орынбасары Т.Нурманов, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Ш.Аюбов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Тахтакөпир районлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары Е.Бегманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басламасы менен халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаў, олардың жасаў шараятларын жақсылаў, зәрүр хожалық буйымлары менен тәмийинлеўге қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги  «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен елимиз бойынша кең көлемли қайырқомлық илажлары алып барылмақта. Бул бағдарда Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси қәнигелери тәрепинен жергиликли ҳәкимликлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери менен биргеликте қала ҳәм район орайларындағы, шетки аўыллардағы кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық турмыс шараяты үйренилип, турақ жай ҳәм хожалық буйымлары менен тәмийинлеў, оңлап берилиўи тийис турақ жайлар, сондай-ақ, наўқас ҳәм емлениўге мүтәж ағзалары бар кем тәмийинленген шаңарақлардың дизими алынып, мәнзилли илажлар ислеп шығылды.

Райондағы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйынынан Оңғарбай Бакешов ҳәм Қуўандық Келимбетовқа, «Қара ой» аўыл пуқаралар жыйынынан Артықгүл Сейтназароваға, «Тахтакөпир» аўыл пуқаралар жыйынынан Қалбай Сапаровқа, «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынынан Лизахан Жийенбаеваға жаңа турақ жайлардың гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды. Усы күнге шекем авариялық жағдайдағы турақ жайларда, сондай-ақ, кирейде жасап келген олар барлық қолайлықларға ийе турақ жайларға ийе болғанынан айрықша қуўанышға бөленди.

-Усы күнге шекем  қызым ҳәм ақлығым менен кирейде қыйын шараятта жасап келдим,-дейди екинши топар майыплығы болған Лизахан Жийенбаева.-Президентимизге рахмет, район орайынан барлық қолайлықларға ийе төрт бөлмели турақ жай менен тәмийинледи. Ҳәттеки көрпе-төсек, үй-руўзыгершилик буйымларын да алып берди. Бүгин мен сыяқлы қуўанышқа бөленип атырған шаңарақлар атынан шексиз миннетдаршылық билдиремен. Елимизде ҳеш бир инсан итибардан шетте қалмайтуғынының және бир мәрте гүўасы болдым.

Қарар талапларын орынлаў бойынша қабыл етилген мәнзилли илажлар шеңберинде Тахтакөпир районының тәбийғый газ жетип бармайтуғын шетки аўылларында жасайтуғын кем тәмийинленген 36 шаңараққа 57 миллион 924 мың сумлық, екинши басқышында 70 шаңараққа 87 миллион 612,4 мың сумлық газ плита, газ баллоны ҳәм үскенелери тарқатылды. Буннан тысқары, наўқас ҳәм емлениўге мүтәж ағзаcы бар 6 шаңараққа 23 миллион 976,3 мың сумлық медициналық хызмет көрсетилди. Кем тәмийинленген 25 шаңарақтың турақ жайы оңлап берилип, бул мақсетлерге 182 миллион 262,7 мың сум қаржы ажыратылды.

Бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.