Тақыятас районының шетки аймағында жасайтуғын еки шаңарақтың 2001-жылы туўылған ҳәм елеге шекем туўылғанлық ҳаққындағы гүўалыққа ийе болмаған пуқараларға рәсмийлестирип берилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық Басқармасы ҳәм районлық ПҲАЖ органлары тәрепинен үйме-үй жүрип өткерилген, халықтың ҳуқықый саўатлылық дәрежесин арттырыўға бағдарланған илажда Тақыятас районының «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйынының шетки аймағы болған қоңсылас Түркменстан Республикасы менен шегараласқан «Шатыраўық» посёлкасында 2 шаңарақтың 2001-жылы туўылған 16 жастан өткен ҳәм туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықларға ийе болмаған перзентлерине тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирип берилди.

Гүўалық тапсырылыўы процесинде Сейтов Гучбай Кличметов ҳәзирги ўақытта перзенти 17 жасқа толғанлығы ҳәм усы жылы жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў нийетинде екенлигин билдирди. Бирақ, оның перзенти алдын тийисли ҳүжжетлерге ийе болмағаны ушын пуқаралық ҳуқықларынан пайдалана алмаған. Бул машқала унамлы шешилди. Гучбай Кулметов мәмлекетлик хызметлер агентлиги хызметкерлерине миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикалық Басқармасы басшылары ҳәм Тақыятас районлық ПҲАЖ хызметкерлери ҳүжжетлерди пуқаралардың үйлерине саўғалары менен жеткерип берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги