Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасын еле де комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

 

Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-июньнан баслап:

Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын физикалық ҳәм юридикалық шахслар қәлеген орындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларынан (прописка ҳәм почта мәнзилине қарамастан) мүрәжат етиўге ҳақылы;

Мәмлекетлик хызметлерди алыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат еткенде, мәмлекетлик төлем, жыйымлар ҳәм басқа төлемлер Орайлар арқалы ямаса тиккелей хызмет көрсетиўши органларға мүрәжат еткенде төленетуғын суммадан 90 процент муғдарында төленеди.

2019-жыл 1-августтан баслап мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўде мәмлекетлик органлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен салық қарызы болған ямаса болмағаны ҳаққындағы мағлыўматнамалар, салық төлеўшиниң есапқа қойылғаны ҳаққындағы гүўалықлар, төленетуғын дәраматлар ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының услап қалынған суммалары ҳаққында мағлыўматнамалар талап етилиўи қадаған етиледи.

 

2019-жыл 1-апрельден баслап төмендеги ҳүжжетлерди алыў бойынша талаплар бийкар етиледи:

Экспорт контракт дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалық;

Мал сойыўды әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын рухсат бериў гүўалығы;

Жер асты участкасынан пайдаланғанда бузылған жерлер қайта тикленгенлиги ҳаққындағы шешим;

Ержетпегенлерге арналған дәри қуралларын реклама етиўге рухсатнама;

Қымбат баҳалы металлар ҳәм қымбат баҳалы таслардан исленген буйымлар менен усақлап саўда ететуғын исбилерменлик субъектлериниң саўда объектлериниң орналасыўы;

Жерлердиң барлық категорияларында геологиялық-сүўретке түсириў, излеў, геодезия ҳәм басқа түрдеги излеў жумысларын алып барыўға рухсатнама.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.