Усы жылдың 15-февраль сәнесинен баслап Өзбекстанның аймақлық аэропортларынан Астанаға ушатуғын рейслерге кесилисиў тарифлери енгизилди. Бул ҳаққында Daryo хабар берди.

Бул Ташкент арқалы Астанаға авиабилетлерди еле де арзан баҳада рәсмийлестириў имканиятын береди.

Бул тарифлер Наманган, Ферғана, Самарқанд, Бухара, Наўайы, Термиз, Үргениш ҳәм Нөкис аэропортларынан әмелге асырылатуғын пәрўазлар ушын әмел етеди.

Мағлыўмат ушын, Ташкент-Астана рейслери ҳәптесине үш мәрте – дүйшемби, пийшемби ҳәм шемби күнлери әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги