15-февраль күни Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспесиниң дүзилгениниң 25 жыллығы ҳәм әскерлеримиздиң Аўған жеринен алып шығылғанына 30 жыл толыў мүнәсибети менен  урыс ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» ҳәм «Мәңги от» естеликлерине гүл шеңберлерин қойды.

Буннан соң илаж қатнасыўшылары Бердақ атындағы Қарақалппақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрындағы салтанатлы мәресимге қатнасты.

Елимизде тарийхтың аўыр сынақларын сабырлылық пенен жеңип, машақатлы жолда өзлигин жойытпай, мақсет ҳәм ийман-исенимине садық қалған ўатанласларымызға ҳүрмет көрсетиў ҳәр қашанғыдан да жоқары қәдириятқа айланып бармақта.

XX әсирдиң аяўсыз және аўыр сынақларынан бири болған Аўған урысына (1979-1989) Қарақалпақстаннан 3600 ден аслам жерлесимиз қатнасқан болса, соннан 89 азамат-жигитлеримизге елге қайта  оралыў бахты несип етпеди.

Бүгинги сәне Аўған жеринен әскерлеримизди алып шыққан күн сыпатында  кеўиллерден терең орын ийелеп, олардың хызметлери улығланыўы менен бирге, қурбан болғанларға айрықша ҳүрмет көрсетилиўи менен әҳмийетли болып саналады.

Соны да атап өтиўимиз керек, елимизде Жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплардың «Ветеран» бирлеспесиниң шөлкемлестирилиўи – тыныш-татыў ҳәм абадан турмысымыз ушын көкирегин қалқан еткен Ўатанласларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда айрықша орын ийелейди.

Илажда  урыс ветеранлары Маматсалай Абдуллаевқа «Мийнет ветераны» II – дәрежели, Сатбай Қалжановқа III-дәрежели көкирек белгиси салатанатлы түрде тапсырылды.

– Жаўынгер аталарымыздың басып өткен мәртлик жоллары бизлерге өрнек болмақта. Олардың Ўатанға болған садықлығын, ерликлерин даўам еттирип, келешекте мен де Ўатан қорғаўшысы болмақшыман, – дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Батырбек Баўетдинов. – Ветеран аталарымыз  узақ, мазмунлы өмир сүре бергей, аспанымыз ашық, елимиз тыныш болғай.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы