Электр энергиясын есаплаў қурылмаларын ислеп шығаратуғын жергиликли исбилерменлерге 2022-жылдың 1-январына шекем жеңилликлер берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, электр энергиясын есаплаў үскенелерин жергиликли ислеп шығарыўшылар 2022-жылдың 1-январына шекем төмендегилерден азат етилди:

  • «Өзбекэнерго» АЖ менен дүзилген шәртнамалар бойынша жеткерип берилетуғын электр энергиясын есаплаў қурылмалары ҳәм қосымша үскенелер ислеп шығарыў ушын пайдаланатуғын аўысық бөлеклер, шийки зат ҳәм материалларды алып киргенлиги ушын бажыхана төлемлеринен;
  • электр энергиясын есаплаў қурылмаларын ҳәм қосымша үскенелерди сатыўда қосымша қун салығын төлеўден.

ӨзА