Inrix компаниясы 2018-жылдың жуўмақлары бойынша жоллардағы автомобильлер тығылысы бойынша жетекши қалаларды анықлады.

Бул бойынша жетекши – Россияның Москва қаласы деп табылды. Мағлыўматларға қарағанда, москвалы автомобиль басқарыўшылары бир жылда жоллардағы тығылысларға 210 саат ўақтын сарплаўға мәжбүр болмақта.

Inrix компаниясы рейтингди дүзиўде автомобиль басқарыўшыларының сарплаған ўақты ҳәм ҳәрекетлениў интенсивлилигине айрықша итибар қаратқан.

2017-жыл бул рейтингде Москва қаласы 2-орынды ийелеген еди. Ал быйылғы жылы екиншилик Түркияның Стамбул қаласына несип еткен. Кейинги орынларды Богота, Мехико, Сан-Паулу, Лондон, Рио-де-Жанейро, Бостон, Санкт-Петербург ҳәм Рим қалалары ийелеген.

2017-жылы рейтингде 1-орынды ийелеген Лос-Анжелес бул сапары 25 қаланың ишине кирмеген.

Рейтингди дүзиўшилердиң хабар бериўинше, жоллардағы автомобильлердиң тығылысы себепли қала экономикасы айтарлықтай зыян көреди: жумысшылардың жумыс өнимдарлығы төменлейди, товарлардың сатылыў орынларына жеткерилиўи кешигеди, автомобильлер жанармайды көп сарплайды.

Inrix компаниясының анықлаўынша, автомобильлердиң тығылысы себепли 2018-жылы АҚШтың Нью-Йорк қаласы 9,5 млрд доллар, Лос Анжелес 9,3 млрд доллар, Уллы Британия пайтахты Лондон 4,9 млрд фунт стерлинг, Германия пайтахты Берлин 1,7 млрд евро зыян көрген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.