Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде Израил мәмлекетиниң елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Эдуард Шапира ҳәм «Гадот Агро» компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Онда тәреплер аўыл хожалығы тараўында еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективаларын додалады.

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Жамшид Хўжаев израиллы бирге иллесиўшилердиң өнимниң сапасын ҳәм муғдарын жақсылаў, аўыл хожалығында структуралық реформаларды әмелге асырыў ушын алдыңғы технологияларды қолланыў бойынша әмелге асырып атырған ис-ҳәрекетлери айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Өз гезегинде, елши келешекте аўыл хожалығы тармақларын буннан былай да раўжландырыў бағдарында бирге ислесиў еки тәреп ушын да бирдей пайдалы екенин атап өтти.

1.jpg

Илажда тәреплер 2019-жылы «Action Plan» жойбарын таярлаў басламасын қоллап-қуўатлады. «Гадот Агро» компаниясының ўәкиллери Өзбекстанда пахта зүрәәтлилигин арттырыў ҳәм топырақтың шорланыўына қарсы гүресиў ушын тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Ушырасыўда Өзбекстан – Израил агрофорумын 2019-жылдың апрелинде өткериў бойынша усыныслар көрип шығылды. Форум шеңберинде Израилдың жетекши аўыл хожалығы базары менен танысыў ҳәм еки мәмлекет фермерлери арасында тиккелей байланысларды орнатыў режелестирилген.

Сондай-ақ, министрликте Қырғызстан аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм мелиорация министри басшылығындағы делегация менен де ушырасыў өткерилди. Онда тараў жуўапкерлери Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўын унамлы баҳалады.

Ушырасыўда инженерлик, шарўашылық, туқымгершилик сыяқлы тараўларда қоспа жойбарларды әмелге асырыўдың жағдайы додаланды. Тәреплер биргеликтеги жумысшы топарын дүзиў ҳәм 2019-жылға мөлшерленген режелерди белгилеў бойынша келисимге еристи.

А.МУСАЕВ,

ӨзА