2019-жылдан баслап барлық жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырыў Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли пәрманында белгилеп берилген, деп жазады Kun.uz.

Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң хабарлаўынша, ҳәзирги ўақытта агентлик тәрепинен ўәкилликли министрлик және ведомостволар менен бирге ҳүкиметтиң тийисли қарар жойбары ислеп шығылыўы менен бирге зәрүрли илажлар да көрип барылмақта.

2018-2019-оқыў жылынан баслап Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен тәжирийбе тәризинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик тест орайы ҳәм Ташкент юридикалық университети менен биргеликте абитуриентлерден оқыўға кириў бойынша ҳүжжетлерди 201 район және қалаларда жумыс алып барып атырған Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы қабыллаў процеси енгизилди.

 

Бул жаңалық әмелиятта өзиниң төмендеги унамлы тәреплерин көрсеткен:

– ҳүжжет тапсырыў процесинде артықша қағазбазлықтан ўаз кешилди;

– ҳәр бир абитуриентке өзиниң районы ямаса қаласы, сондай-ақ, өзи қәлеген аймақтан ҳүжжет тапсырыў мүмкиншилиги жаратылды;

– олардың ўақты үнемленди;

– абитуриентлердиң аймақлардан әўере болып пайтахтқа келиў ағымы кескин кемейди – олардың артықша қәрежет жумсаўының алды алынды;

– ҳүжжет тапсырыў процесине бир неше саат ямаса күн емес, ал 15-20 минут жетерли болды;

– абитуриент ҳүжжет тапсырғанынан соң ҳүжжетлердиң түп нусқасы өзинде қалды;

– университет тәрепинен тек ғана оқыўға кирген студентлердиң ҳүжжетлери олардың өзинен қабыл етилип, жоқары оқыў орны қабыллаў комиссиясы ҳәм архивинде артықша ҳүжжет айланысы кескин кемейди.

 

Жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырыў бойынша мәмлекетлик хызметин районлардағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылыўы абитуриентлерге Ташкент қаласындағы ҳәм республиканың қәлеген аймағында жайласқан жоқары оқыў орнына өзиниң районынан шықпай турып ҳүжжет тапсырыў, сондай-ақ, онлайн тәризде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы ҳүжжет тапсырыў имканиятын жаратады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги