Усы жыл 1-февраль күни Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы әскерий хызметкерлерине жаңа турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өзинде дөретиўшилик ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеген бүгинги ҳәр бир күн халқымыздың турмысында айтарлықтай өзгерислер және жаңаланыўлар алып келиў менен бирге, инсанлардың бүгинги турмысынан разы болып жасаўына, олардың келешекке деген исенимин беккемлеўге, сондай-ақ, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға үлес қосыўға руўхландырмақта. Бүгинги күни жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, халқымызды ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерден ҳәм нызамсыз ҳәрекетлерден қорғаў жолында хызмет атқарып атырған Миллий гвардияның хызметкерлерине жаңа турақ жайдың тапсырылыўы буның айқын гүўасы.

Президентимиздиң 2017-жыл 4-августтағы арнаўлы қарары менен Миллий гвардия дүзилип, оған  физикалық жақтан шыныққан, руўхый дүньясы бай болған кадрларды таңлап алыў менен бирге, оның материаллық-техникалық базасы беккемленип бармақта. Өз гезегинде Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери тәрепинен  «Қәўипсиз қала» коцепциясын әмелге асырыў,  ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, халқымыздың пәраўан турмысын тәмийинлеў, жасларымызды ўатансүйиўшилик  руўхында тәрбиялаў бағдарында алып барылып атырған ийгиликли ислер турмысымызда айрықша орынды тутпақта.

Әскерий хызметерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарынан бири болып,  Президентимиздиң 2018-жыл 18-январьдағы арнаўлы қарары тийкарында Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери ушын жаңа турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта. Бүгин тапсырылып атырған улыўма баҳасы 4 миллиард 389 миллион сум болған  ҳәр бири үш ханадан ибарат 30 квартирада барлық қолайлықлар жаратылған.  Әҳмийетли тәрепи сонда, бул квартиралардың 1 миллиард сумнан аслам басланғыш төлеми Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы тәрепинен төлеп берилген болса, қалған бөлеги турақ жай ийеси тәрепинен жеңилликли кредитлер есабынан 15 жыл даўамында төлеп барылады. Миллий гвардияның әскерий хызметкерлери ушын келеси жылы және бир 30 квартиралы турақ жайды қурыў режелестирилген.

Илажда, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасының орынбасары Ш.Шакиров, жаңа турақ жай ийелери атынан А.Абдувалиев шығып сөйлеп, әскерий хызметкерлерге итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевқа миннетдаршылық билдирди.

Буннан кейин жаңа турақ жайдың гилтлери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.