Қарақалпақстан Республикасынан өткен 2018-жыл январь-декабрь айларында 15010 адам көшип кеткен (ишки ҳәм сыртқы миграцияны есапқа алған ҳалда). Нөкис қаласы ҳәм районлар кесиминде көшип кеткен адамлардың статистикасы менен төменде танысыўыңыз мүмкин:

 

Нөкис қаласы – 3572 адам;

Әмиўдәрья районы – 604 адам;

Беруний районы – 622 адам;

Қараөзек районы – 647 адам;

Кегейли районы – 1127 адам;

Қоңырат районы – 975 адам;

Қанлыкөл районы – 535 адам;

Мойнақ районы – 229 адам;

Нөкис районы – 850 адам;

Тақыятас районы – 918 адам;

Тахтакөпир районы – 521 адам;

Төрткүл районы – 611 адам;

Хожели районы – 1198 адам;

Шымбай районы – 1340 адам;

Шоманай районы – 575 адам;

Елликқала районы – 686 адам.

 

Ал республикамызға көрсетилген дәўир ишинде көшип келгенлердиң улыўма саны 10816 адамды қурады (ишки ҳәм сыртқы миграцияны есапқа алған ҳалда). Көшип келгенлердиң Нөкис қаласы ҳәм районлар бойынша бөлистирилиўи төмендегише болды:

 

Нөкис қаласы – 3303 адам;

Әмиўдәрья районы – 398 адам;

Беруний районы – 423 адам;

Қараөзек районы – 297 адам;

Кегейли районы – 529 адам;

Қоңырат районы – 583 адам;

Қанлыкөл районы – 357 адам;

Мойнақ районы – 153 адам;

Нөкис районы – 948 адам;

Тақыятас районы – 775 адам;

Тахтакөпир районы – 197 адам;

Төрткүл районы – 503 адам;

Хожели районы – 791 адам;

Шымбай районы – 649 адам;

Шоманай районы – 284 адам;

Елликқала районы – 626 адам.

 

Статистикалық мағлыўматларға тийкарланып, Қарақалпақстанда 2018-жылдың январь-декабрь айларында миграция сальдосы минус 4,2 мың адамды қурағанлығын аңлаўға болады.

Мағлыўмат ушын, бул көрсеткиш 2017-жылдың сәйкес дәўирине минус 4,3 мың адамды қураған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.