Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 30-31-январь күнлери Жиззақ ўәлаятында болды.

Сапар етиўдиң екинши күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ қаласында ўәлаят экономикасын раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти. Онда ўәлаят белсендилери, депутатлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип тийкарында халқымыздың турмысын жақсылаў, аймақларды абат етиў бойынша ўәлаятта әмелге асырылып атырған жумысларға итибар қаратты.

Атап айтқанда, өткен жылы март айындағы сапар етиў шеңберинде ислеп шығылған бағдарламаға тийкарланып Жиззақ ўәлаятында 107 инвестициялық жойбар бойынша жаңа объектлер иске түсирилген.

Бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпа – инвестиция ҳәм технологиялар алып келип, жаңа кәрханалар шөлкемлестириў, адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, турмыс шараятын жақсылаў, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мақсетте 2019-2020-жылларда ўәлаятта улыўма нырқы 21 триллион 956 миллиард сум болған 586 инвестициялық жойбардың бағдарламасы ислеп шығылғаны, соның нәтийжесинде 22 мың 300 ден аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилгени атап өтилди. Фориш районында базальт талшығы ҳәм самал энергиясы қурылмалары, Дослық районында қуяш панельлери, Замин районында дәри қураллары, Жиззақ қаласында безелген ҳәм жуқа айна ислеп шығарыў жойбарлары солардың қатарына киреди.

Соның ишинде, 14,1 триллион сум ямаса жәми инвестициялардың 64 процентине тең болған 180 ири санаат жойбарын әмелге асырыў Жиззақ ўәлаятын «санаат хабы»на айландырыў бағдарындағы жумысларға күшли түртки беретуғыны атап өтилди.

Президентимиздиң усы жыл 3-январьдағы «Жиззақ ўәлаятын комплексли раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм басқарыўдың нәтийжели моделин ислеп шығыў ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде 1-марттан ўәлаятта «Алдынғы аймақ» сынаў жойбарын әмелге асырыў басланады.

Усы жойбар шеңберинде халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм жаңа санаат тармақларын раўажландырыў илажлары көриледи.

Шавкат Мирзиёев бул жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумысларды сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў бойынша тапсырма берди.

Адамларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў барлық буўындағы басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы керек. Бул ушын бәршемиз биргеликте ҳүжданлы түрде ислеўимиз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Шарўашылық, балықшылық, пал ҳәррешилик, қусшылық, пиллешилик тармақларында қолда бар имканиятлардан еле де нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың турмыс шараятларын, социаллық инфраструктураны жақсылаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мырзашөлде исленген жумыслар жақсы тәжирийбе, үлги болды. Енди Жиззақ ўәлаятының ҳәр бир районының орайын усы тәризде абат етиў, зәрүрли қурылыс оңлаў жумысларын усы жылдың өзинде жуўмақлаў керек, деди Президентимиз.

Сондай-ақ, быйыл Жиззақ қаласында 15 көп қабатлы арзан жай, районларда 932 турақ жай қурыў ўазыйпасы қойылды. Зарафшан дәрьясынан суў алып келиў ушын магистраль қубыр ҳәм насос станциясының қурылысын даўам еттириў, 264 километр суў тармағын қурыў ҳәм оңлаў бойынша тапсырма берилди. Бул жумыслардың нәтийжесинде Зарбдор, Бахмал, Пахтакор, Мырзашөл, Дослық, Ғәллеарал, Шараф Рашидов районларының халқын таза ишимлик суў менен тәмийинленетуғыны, олардың турмыс тәризи, саламатлығы жақсыланатуғыны атап өтилди.

Мәжилисте ўәлаятта социаллық тараўда көп жыллар даўамында топланып қалған машқалаларды басқышпа-басқыш сапластырыў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Ўәлаятта тәлим-тәрбия тараўына да айрықша итибар қаратылмақта. 2019-жылы 25 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин реконструкциялаў, жеке меншик бақшалардың санын көбейтиў режелестирилген.  Буннан тысқары, 6 жасар балаларды мектепке таярлаў бойынша 230 дан аслам бийпул топардың жумысы жолға қойылады. Соның нәтийжесинде быйыл ўәлаятта мектепке шекемги билимлендириўдиң қамтыўы 32 проценттен 51 процентке шекем жетеди. Сондай-ақ, ўәлаятта Қубла Корея ҳәм Германия тәжирийбеси тийкарында 10 инновациялық балалар бақшасын қурыў нәзерде тутылған.

Мәжилисте ўәлаяттағы 150 ден аслам мектепте оқыўшылардың саны нормаға салыстырғанда жоқары екени, 29 мектептиң қуўатлығынан толық пайдаланылмай атырғаны, анық ҳәм тәбийғый пәнлер, шет тиллер терең үйретилетуғын мектеплерге зәрүрлик бар екени атап өтилди. Жуўапкер шөлкемлерге бул бағдардағы машқалаларды шешиў ўазыйпасы жүкленди.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылыўы зәрүр болған илажларға да тоқтап өтти.

Быйыл Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының ўәлаятлық филиалы, ўәлаятлық перинатал орайы, эндокринология, кардиология, тери-венерик диспансерлери, Жиззақ қалалық туўыў комплекси оңланады. Халықтың арасында көп ушырасып атырған кеселликлердиң анализи бойынша, қәнигелестирилген медициналық мәкемелер қурылады.

Белсендилер мәжилисинен соң Президентимиз ўәлаят орайындағы Мырза Улығбек мәҳәллесинде болып, қалада қурылыўы режеслистирилип атырған турақ жайлар, социаллық объектлер, абаданластырыў жойбарлары менен танысты.

Жиззақ қаласын абаданластырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар басланған. Қаланың бас режесине бола, Кимёгар, Иттифоқ мәҳәллелеринде, Мустақиллик көшесинде 5 ҳәм 7 қабатлы жайлар қурылады, олардың әтирапында саўда комплекслери, клиника, мийманхана ҳәм мәҳәлле уйымлары бой тиклейди. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары баслап жиберилген.

Жиззақта туризмди раўажландырыў ушын жақсы имканият, қолайлы тәбийғый шараят бар. Туристлерде дәслепки тәсирлер болса қаладағы темир жол вокзалынан басланатуғыны тәбийғый. Усы мақсетте Жиззақ темир жол вокзалы түп-тийкарынан реконструкцияланды. Барлық зәрүр шараятлар жаратылған вокзалдан шығыўыңыз бенен Мырза Улығбек мәҳәллеси басланады. Бул жерде кең көлемли дөретиўшилик жумыслары орынланбақта. Атап айтқанда, вокзал ҳәм Ташкент көшесин бирлестиретуғын аймақта 894 квартираға мөлшерленген 7 қабатлы 13 жай қурылмақта. Бул жайлар жаңа көше бойлап жайласады, әтирапы абаданластырылып, өзине сай шырайлы ландшафт пайда етеди.

Жиззақ қаласында ўәлаятлық қуўыршақ театры қурылады. 250 жас тамашагөйге мөлшерленген бул жер усы жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Бул ушын 12 миллиард 700 миллион сумнан аслам қаржы қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысына ўәлаяттың халқын таза ишимлик суў менен тәмийинлеў, қалалық ақаба суў системасы тармағын раўажландырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президентимиз халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселелерден бири екенин атап өтти. Режедеги жумысларды тез ҳәм сапалы орынлаў бойынша тапсырмалар берди.

Жойбарлар менен таныстырыўда автомобиль жоллары әтирапын көклемзарластырыў, жол бойы инфраструктурасын жақсылаў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да сөз етилди. Жоллардың бойына қайрағаш, клён, емен, акация, япон сафорасы, тут, терек, лала, каштан, сирия әтир гүли, ҳинд сирени, магнолия сыяқлы терек ҳәм гүл нәллери егиледи.

Президентимиз Жиззақ қаласындағы 3-ишки ислер бөлиминде де болып, бул жерде өткен жылы берилген тапсырмалардың орынланыўы менен танысты.

Елимизде тынышлық-парахатшылықты беккемлеў, жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўге қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз туризм», «Қәўипсиз шаңарақ» системаларының енгизилгени, күни-түни патрульлик хызмети жолға қойылғанының нәтийжесинде адамларда әдиллик ҳәм нызам үстинлигине исеним пайда болды.

Мәмлекетимиз басшысының  2018-жыл 14-февральдағы қарарына муўапық, Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти сақлаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң сапа жағынан жаңа системасы енгизилди.

Жиззақ қаласындағы 3-ишки ислер бөлиминде де усындай заманагөй система шөлкемлестирилди. Бөлим қаладағы Хайробод, Маданият, Тинчлик, Сайхон, Обод, Кимёгар, Ҳамид Олимжон ҳәм Алишер Навоий атларындағы мәҳәллелерде жасайтуғын халыққа хызмет көрсетеди. Оператив нәўбетшилик бөлимине аймақтағы мектеп, балалар бақшасы ҳәм бақша объектлерин күни-түни қадағалаў имканиятын беретуғын видеобақлаў системасы енгизилген.

Президентимиз жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў, хызметкерлердиң жуўапкершилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Соның менен, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Умар АСРОРОВ,

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары