Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы берген мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанда 2018-жыл январь-декабрь айларында 1 жасқа толмаған 0,5 мың баланың өлими дизимге алынған.

Мағлыўматта келтирилиўинше, олардың 80,0% и перинаталлық дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлар, 8,5% и дем алыў органлары кеселликлери, 4,9% и туўма аномалиялар, 0,7% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлар, 0,4% и жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер, сондай-ақ, 5,5% и басқа кеселликлер ақыбетинде қайтыс болған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.