27-январь күни пайтахтымызда «Биз жынаятшылыққа қарсымыз!» сүрени астында узақ аралыққа жуўырыў бойынша өткерилген марафонға спорт ветеранлары, улыўма билим бериў мектеплери,  орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери ҳәм жоқары оқыў орынларының оқыўшы-жаслары, миллий гвардия, ишки ислер ҳәм әскерий бөлим хызметкерлери қатнасты.

 

Марафон 7000 метр аралықта өткерилип, оған бурынғы Арқа автовокзалдан старт берилип, 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби финиш сызығы етип белгиленди.

Марафонды ветеран спортшылар баслап берди. Ҳәр бир қатнасыўшы финиш сызығына бириншилерден болып жетип келиў ушын өзлериниң физикалық епшиллигин сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында ветеран спортшылар арасында Пийшенбай Қурбаниязов, улыўма билим бериў мектеплериниң ер балалары арасында Баўыржан Кеңесбаев, қызлар арасында Зайтуна Абабекова, орта арнаўлы билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары арасында Отабек Султамурадов (Әмиўдәрья районы), қызлар арасында Роно Жамғырбаева (Нөкис педагогикалық колледжи), жоқары оқыў орынларының студентлери арасында Әжинияз атындағы Нөкис педагогикалық институтының студенти Қуўатбай Әбдимуратов, қызлар арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  студенти Мария Лемзекова, әскерий хызметкерлер арасында Бобомурод Рахмановлар бириншиликти ийелеп, жарыс жеңимпазы деп табылды.

– Бүгинги марафон жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилмекте. Биз нураныйлар жасларға өрнек болмақтамыз, -дейди спорт ветераны Пийшенбай Қурбаниязов. Жаслар менен  теңлесип жуўыра алмасақ та, олар менен бир қатарда жуўырыў қуўанышлы жағдай. Жасарғандай боласаң.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы