USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ГЕРМАНИЯ ПРЕЗИДЕНТЛЕРИНИҢ СӨЙЛЕСИЎЛЕРИ БАСЛАНДЫ

21-январь күни Бельвю сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер күтип алды.

0e74359c-c0d3-b20b-a459-b630b94ebc5e.jpg

Мәмлекетимиз басшысы ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.

Жоқары мәртебели мийманды рәсмий күтип алыў мәресими болды. Президентимиздиң ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Германияның мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Президентлер ҳүрметли қараўыл алдынан өтти.

Сөйлесиўдиң басында Шавкат Мирзиёев Франк-Вальтер Штайнмайерди усы жылдың май айында белгиленетуғын Германия Федеративлик Республикасы дүзилгениниң 70 жыллығы менен қутлықлады.

17b8982a-e45d-3a3e-1c01-65c5c55fdac1.jpg

a07c59bf-b567-450a-0f15-a80937195164.jpg

5c156bec-2897-c0ed-0420-061aa07c333d.jpg

ӨзА