15-январь күни Өзбекстанда интернет ислемей қалып, оның тезлиги сезилерли дәрежеде түсип кетти, деп жазады Daryo.uz Anhor.uz хабары тийкарында.

Интернет-провайдерлериниң мәлим етиўинше, барлық машқалалар «Өзбектелеком» жүргизип атырған техникалық жумыслар нәтийжесинде жүзеге келген. Интернетке жалғаныў тезлиги саат 10:00 лерде 690 Kbps ға шекем түсип кеткен.

Социаллық тармақ пайдаланыўшылары болса саат 12:00 де интернет ислегени ҳәм Youtube ҳәм Facebook тармақларына кириў мүмкиншилиги пайда болғаны ҳаққында хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги