Соңғы жыллары елимизде жынаятшылықтың ерте алдын алыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, соның ишинде, мәмлекетлик, айрықша әҳмийетли, категорияланған ҳәм басқа да объектлерди, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў бағдарында жаңа система енгизилмекте. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 12-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Қарардың мазмун-мәниси ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар ҳаққында толығырақ айтып бериўди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги  Қорғаў басқармасының баслығы, подполковник Халмурат Қозыбаевтан өтиниш еттик.

–Бүгинги күни елимизде жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм  жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Соңғы еки жылдың өзинде ишки ислер уйымларының структурасы, хызмет атқарыў және жумыс алып барыў тәртиби түп-тийкарынан өзгерип, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 27-июль күни жынаятшылықтың ерте алдын алыў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайы, бул бойынша ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мәселелерине бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде дизимге алынған жынаятларды тийкарынан урлық, алдаўшылық, тонаўшылық ҳәм басқыншылық қурағанлығын, бул жағдай профилактика жынаят-қыдырыў ҳәм қорғаў хызметлериниң жумысы тиккелей қанаатландырарсыз екенинен дәрек беретуғынлығын сынға алған еди. Буның тийкарғы себеби ретинде, елимиздеги шаңарақлардың, исбилерменлик объектлериниң жүдә аз муғдарда қорғаў пультине жалғанғанлығы, жәмийетлик орынлардағы видеокамералар бирден-бир системаға жалғанбағанлығы, қорғаў хызметине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының енгизилмегенлиги атап өтилди.

Тараўдағы усы машқалаларды басқышпа-басқыш сапластырыў, ишки ислер уйымларының физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклериниң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, бул бағдардағы хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратура, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық Кеңестиң «Қәўипсиз қала» концепциясы енгизиў бойынша усыныс мақулланды Қарарға муўапық  2022-жылдың ақырына шекем  елимиздиң барлық аймақларында басқышпа-басқыш Ташкент қаласында әмелге асырылған техникалық қорғаў ҳәм ҳәрекетлениў пунктлерине хабарды жеткериў ҳәм орайластырылған бақлаўдың автоматластырылған системасы  енгизиледи.

Хабар келип түскен қорғалатуғын объектке тез жетип барыўды тәмийинлеў мақсетинде қорғаў хызмети менен ишки ислер уйымлары жәмийетлик тәртипти сақлаў патруль топарлары арасында тығыз бирге ислесиў жолға қойылады. Соның менен бирге, ишки ислер уйымлары менен келисилген ҳалда жаңадан қурылып атырған турақ жайлар мәжбүрий түрде қорғаў-өрт сигнализациялары ҳәм газоанализаторлар менен тәмийинленеди. Қорғаў хызмети тәрепинен әмелге асырылып атырған бул илажлардың рейтинг көрсеткиши ҳәр шеректе шығарылып, ҳәр жылы «Ең қәўипсиз мәҳәлле» таңлаўы өткерилип барылады.

 

Қарар тийкарында қорғалатуғын объектлерге орнатылатуғын қорғаў техникалық қуралларды ҳәм системаларды монтажлаў, демонтажлаў, оңлаў, оларға техникалық хызмет көрсетиў ҳәм эксплуатациялаў жумысларын әмелге асыратуғын «Қўриқлаш сервис» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестириледи.  Физикалық шахслардың турақ жайларына қорғаў хызметин көрсетиў барысында пайдаланыўға берилетуғын қорғаў техникалық қурал үскенелерин орнатыў, оларға бийпул техникалық хызмет көрсетиў жумыслары ишки ислер уйымлары қорғаў хызмети қаржылары есабынан әмелге асырылады. Соның менен бирге, халықтың ишки ислер уйымлары қорғаў хызметинен пайдаланыўға болған қызығыўшылығын арттырыў, тараў жумысының нәтийжелери ҳаққында оператив мағлыўматларды халыққа жеткериўғе қаратылған мәлимлеме-түсиник илажларын әмелге асырыў белгиленген.

Жуўмақлап айтқанда, қарардың қабыл етилиўи мәмлекетлик ҳәм басқа да объектлердиң, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклерин исенимли қорғаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.