O’zLiDeP Шоманай районлық Кеңеси тәрепинен өткерилген ушырасыўда партияның Қарақалпақстан Республикалық ҳәм районлық Кеңеслериниң хызметкерлери, жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, электорат ўәкиллери, партия белсендилери қатнасты.

Ушырасыўда Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 26 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги «Билимли әўлад – уллы келешектиң, исбилермен халық – абадан турмыстың, дослық, бирге ислесиў болса раўажланыўдың кепили» атамасындағы баянаты кең түрде додаланды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў – Конституциямыздың да бас мақсети екенлигин атап өтти.

Илаж қатнасыўшылары партияның районлық Кеңеси жанынан ашылған Қарақалпақстан «Интеллект» мәмлекетлик емес коммерциялық емес жаслар шөлкеминиң жумыслары менен жақыннан танысты.

  • Жақында «Интеллект» мәмлекетлик емес коммерциялық емес жаслар шөлкеминиң «Келешекке интеллект пенен» темасындағы мәмлекетлик грант жойбарын утып алдым,-дейди усы шөлкемниң баслығы Қ.Бекназаров. – Шөлкемниң тийкарғы мақсети – жасларды социаллық ҳәм экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың мәдений, мәнаўий турмыстағы ролин күшейтиў, инновациялық жойбарларын ҳәм бизнес идеяларын қоллап-қуўатлаў, оларды турмысқа енгизиўде жәрдем бериў, кәсипке бағдарлаў, шетки аймақлардағы жәмлеспеген жасларды бирлестириўден ибарат.

Буннан соң мәлимлеме-коммуникация тараўында өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде келген жасларға шөлкемниң мақсет ҳәм ўазыйпалары, бағдарлары бойынша толық мағлыўмат берилди.

Жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.