Ташкенттеги «International»  мийманханасында Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясы атқарыў комитетиниң көшпели мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының басшылығы ҳәм жуўаплы хызметкерлери, тармақлық кәсиплик аўқамларының Республикалық кеңеслери ҳәм аймақлық кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспелериниң басшылары, сондай-ақ, Кәсиплик аўқамлары улыўма конфедерациясы атқарыў комитетиниң басшылары менен ағзалары, Армения, Беларусь, Әзербайжан, Тәжикстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлердиң кәсиплик аўқамларының басшылары қатнасты.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиков, Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының Президенти Михаил Шмаков, Кәсиплик аўқамлары улыўма конфедерациясының вице-президенти, ҒМДА тоғай хожалығы тармақлары халықаралық кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Виктор Карнюшин ҳәм басқалар кәсиплик аўқамларының жумысында халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў инсан ҳуқықлары менен мәплериниң әҳмийетли фактор екенин атап өтти.

Бүгинги күнде жәмәәт шәртнамасында хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын тәмийинлеў мақсетинде белгиленген илажларды орынлаў ушын республика бойынша бир хызметкерге жумсалған қаржының муғдары орташа 2,9 миллион сумды қурамақта. Хызметкерлердиң мийнетине мүнәсип мийнет ҳақы төлениўи, қәўипсиз мийнет шараятларының жаратылыўы, олардың мийнетин ҳәм саламатлығын қорғаў мәселелери де кәсиплик аўқамларының турақлы дыққат орайында болмақта.

– Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясы атқарыў комитетиниң көшпели мәжилиси елимизде өткерилиўи үлкен әҳмийетке ийе, – деди Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы баспасөз хызметиниң басшысы Мухаббат Ўрмонбекова. – Бул елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм федерация жумысына берилген жоқары баҳа болып есапланады.

Мәжилис қатнасыўшылары Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы жумысының тийкарғы бағдарлары менен толық таныстырылды. Атап айтқанда, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен тиккелей кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўын күшейтиў, мийнет тараўындағы социаллық шерикликти раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумысларға итибар берилди.

– Өзбекстан кәсиплик аўқамларының нызам дөретиўшилик тараўындағы қатнасы, бәнтликти тәмийинлеўге көмеклесиў, мийнетти қорғаў, мийнеткешлердиң, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық мәплери менен мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаў, халық пенен қайта байланысты жолға қойыў бағдарларындағы жумысы дыққатқа ылайық, – деди Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының бас хаткери Владимир Шербаков. – Елиңизде кәсиплик аўқамларына бирлесиў еркинлиги толық тәмийинленип атырғаны, мийнет жәмәәтлеринде жәмәәтлик шәртнамалардың әмел етип атырғаны, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерциясының жетекши кәсиплик аўқам ҳәрекетлери менен халықаралық бирге ислесиўиниң раўажланып атырғаны жақсы нәтийже береди.

Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясы атқарыў комитетиниң көшпели мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының «Кәсиплик аўқам ҳәрекети алдындағы хызметлери ушын» ҳүрметли алтын нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныс киргизилди.

Өзбекстан Республикасы мийнеткешлериниң социаллық-экономикалық мәплерин тәмийинлеў, улыўмамиллий көлемде социаллық шерикликти беккемлеў, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары абырайын арттырыў бағдарындағы үлкен үлеси ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының «Кәсиплик аўқам ҳәрекети алдындағы хызметлери ушын»  ҳүрметли алтын нышаны менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныс бир даўыстан қоллап-қуўатланды.

Көшпели мәжилисте Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясын Кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының ағзалығына қабыл етиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды ҳәм бул мәселе бир даўыстан қоллап-қуўатланып, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кәсиплик аўқамлары Улыўма конфедерациясының ағзалығына қабыл етилди.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА

ӨзАның хабаршысы