Усы жылдың 25-ноябрь күни Әмиўдәрья районы «Ақ алтын» МПЖда жасайтуғын А.А. үйинде шаңарақлық жаңжел себепли бирге жасайтуғын келини Ю.Т.ның бетине қолы менен урып жығылтып, денесиниң түрли жерлерине урып-теўип жарақат жеткерген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар бермекте.

Нәтийжеде Ю.Т. емлеўханаға жатқарылған. А.А. қолға алынған. Жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.