Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлими хызметкерлери жақында жәми 3,5 млрд. сум қарыздарлыққа ийе болған “Нөкис темир бетон қурылыс” ЖШЖға тийисли көшпес мүлк ҳәм басқа да нәрселерди таўып хатлаў ушын излеў-тексериў жумысларын әмелге асырған еди.

Өткерилген илажлар барысында усы жәмийет есабына алынбастан турған Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшеси 32-санлы көп қабатлы 40 хожалыққа мөлшерленген турақ жайлар ҳәмде 10 саўда ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў дүкәнлары бар екенлиги анықланып, қарызды өндириў мақсетинде бул көшпес объектлер нызамлы тәртипте хатлаўға алынады.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлими тәрепинен усы көп қабатлы турақ жайды хатлап атырғанынан хабар тапқан сол жайда жасаўшы пуқаралар ҳәм дүкән ийелери наразылық билдирип, жоқары турыўшы уйымларға шағым етеди ҳәм келип шыққан даўлы машқаланы унамлы шешип бериўде жәрдем сорайды.

Мәлим болыўынша, бул жайда жасаўшы пуқаралар ҳәм дүкән ийелери жайды, саўда дүкәнларын нызамлы түрде сатып алған, бирақ 2014-жылдан берли ийелик ҳуқықларын тастыйықлаўшы алды-сатты шәртнамаларын рәсмийлестирмеген екен. Кадастр ҳүжжетлери исленбестен қалған, ҳәттеки қурылыс ислерин әмелге асырған “Нөкис темир бетон қурылыс” ЖШЖ де имаратты өз балансына алмай келген екен.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қаласы бөлими бул мәселеге нызамлы тәртипте мүнәсибет билдиреди ҳәм нәтийжеде Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 228-статьясы (мал-мүлкти басқа шахстың нызамсыз ийелигинен талап етип алыў (виндикация)) талабынан келип шыққан ҳалда Қарақалпақстан көшеси 32-санлы көп қабатлы 40 хожалыққа мөлшерленген турақ жай ҳәм 10 дүкән имәраты “Нөкис темир бетон қурылыс” ЖШЖға өткериледи және усы арқалы көшпес мүлк ийелерине нотариал тәртипте алды-сатты шәртнамалары рәсмийлестириледи. Солай етип, бул объектлер хатлаўдан шығарылады.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Нөкис қаласы бөлиминиң унамлы илажларды әмелге асырыўы менен олардың ҳәр бирине кадастр ҳүжжетлери толық тәмийинленип, 3 жыл даўамында шешилмей келген машқала 10 күн ишинде нызамлы шешиледи ҳәм 42 пуқараның жеке мүлкке болған ийелик ҳуқықлары тиклеп бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги