Усы атамадағы илаж Хожели районындағы Меҳрибанлық үйинде болып өтти.

Илаждан гөзленген мақсет өрттиң алдын алыў, өрт жүз берген жағдайда әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслардан жаслардың хабардарлығын арттырыў болып табылады.

9-10-класс оқыўшыларынан қуралған үш команда «Қалқанлар», «Жас қорықшылар» ҳәм «Өрт өшириўшилер» 8 шәрт бойынша беллести.

Таңлаў жуўмағында «Қалқанлар» жәмәәти 153 балл топлап      1-орынды, «Жас қорықшылар» 147 балл топлап 2-орынды ҳәм «Өрт өшириўшилер» 145 балл менен 3-орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен естелик саўғалары ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.

 

М.Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы