Өзбекстан Республикасы Олий суды пленумының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте Олий суд судьялары жынаят, пуқаралық, админстративлик, экономикалық ҳәм әскерий судлардың басшылары ҳәм судьялары, Олий суд жанындағы илимий-мәсләҳәт кеңесиниң ағзалары, сенаторлар, депутатлар, Конституциялық суд, Судьялар жоқары кеңеси, тийисли министрлик ҳәм уйымлардың жуўаплы хызметкерлери және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Олий суд баслығы К.Комилов басқарған мәжилисте суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, бәринен бурын, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелде кепилликли қорғаўды тәмийинлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Суд системасына енгизилген жаңалықлар, соның ишинде, суд ислерин көшпели суд мәжилислеринде көрип шығыў әмелиятының кеңейтилгени халық пенен ашық пикирлесиў имканиятын бермекте. Бул суд ҳәкимиятының ашық-айдынлығын тәмийинлеў менен бирге, судьяларды халыққа жақынластырды. Өз гезегинде,халықтың судларға исеними артыўына тийкар жаратпақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 13-июльдеги «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм суд ҳәкимияты уйымларына исенимди арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен пуқаралардың нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған илажлар кеңейтилди.

Суд уйымлары жумысының ашық-айдынлығын және де арттырыў, халық пенен ашық қарым-қатнасты көбейтиў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң ролин күшейтиўге қаратылған илажлар әмелиятқа енгизилмекте.

Суд уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 1-декабринен баслап Олий судтың рәсмий веб-сайтында суд қарарларын системалы түрде жәриялап барыў әмелияты енгизиледи.

Пуқаралық процессуал кодекси, Админстративлик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекс, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасының Админстративлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам усы жыл 1-апрельден баслап күшке киргени жәмийетлик турмыста әҳмийетли ўақыя болды.

Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып Пуқаралық процессуал кодексиниң жаңа редакцияда қабыл етилгени, суд әмелиятында айырым мәселелер келип шығып атырғаны мүнәсибети менен пуқарлық ислери бойынша барлық пленум қарарлары әмелдеги нызамшылыққа муўапықлығы бойынша қайта көрип шығылды ҳәм инвентаризация етилди.

Усылардан келип шығып, Олий суд пленумының «Судлар тәрепинен пуқаралық ислерди апелляция ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы Олий суды пленумының пуқаралық ислери бойынша айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Судлар тәрепинен админстративлик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көриўди тәртипке салатуғын нызамларды қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында» ҳәм «Судлар тәрепинен админстративлик ислерди апеллация ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарарларының жойбарлары таярланды.

Мәжилисте усы пленум қарарларының жойбарлары додаланды.

«Судлар тәрепинен пуқаралық ислерин апелляция, кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарардың жойбарында судларға апелляция, кассация тәртибинде ис жүргизиў предмети бойынша белгили бир шеклеўлер белгиленгени ҳаққында түсиник берилген.

Соның ишинде, суд буйрығы, нызамда шағым етилиўи нәзерде тутылмаған ямаса истиң кейинги ҳәрекетлениўине тосқынлық етпейтуғын, сондай-ақ, исти додалаўды кейинге қалдырыў ҳаққында, соның ишинде, некеден ажыратыў ҳаққындағы жумыслар бойынша ерли-зайыпқа жарасыў ушын мүддет тайынланыўы мүнәсибети менен шығарылған биринши инстанция судының ажырасыўлар үстинен апелляция тәртибинде даўа (протест) берилмейди.

«Судлар тәрепинен админстративлик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көриўди тәртипке салатуғын нызамларды қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы пленум қарарының жойбарына судлардың итибары Админстративлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы жумысларды көриўди тәртипке салатуғын нормаларға қатаң әмел етиў зәрүрлигине қаратылған.

Қарарда судларға ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы протокол, админстративлик ҳуқықбузарлық ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы қарар мазмуны, сондай-ақ, оларға қосымша етилген ҳүжжетлер Админстративлик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары талапларына муўапық болыўы зәрүрлиги түсиндирилген.

«Судлар тәрепинен админстративлик ислерди апелляция ҳәм кассация тәртибинде көриў әмелияты ҳаққында»ғы қарардың жойбарында судларға нызамда апелляция, кассация тәртибинде ис жүргизиў предмети бойынша белгили бир бийкарлаўлар белгиленгени түсиндирилген. Соның ишинде, нызамда даўа етилиўи нәзерде тутылмаған ямаса истиң кейинги ҳәрекетлениўине тосқынлық етпейтуғын ажырасыўлар үстинен (мәселен, арзаны ис жүргизиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў, исти додалаўды кейинге қалдырыў ҳаққында) апелляция, кассация тәртибинде даўа (протест) берилмейди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, додаланған пленум қарарлары пуқаралық ҳәм админстративлик ислерди нызамлы және әдил шешиўде пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың бузылған ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўға қаратылған. Усы қарарлар нызам ҳүжжетлериниң суд әмелиятында анық ҳәм бирдей енгизилиўи, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин әмелиятта буннан былай да нәтийжели қолланыўға хызмет етеди.

Көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы