Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў, перспективадағы ўазыйпаларды белгилеў мақсетинде 14-октябрь күни Хорезм ўәлаятына келди.

Хорезм аўыл хожалығы, ири санаат кәрханалары, транспорт ҳәм коммуникация системалары, киши бизнес потенциалы менен елимиздиң раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейди. «GM Uzbekistan» акционерлик жәмийетиниң Хорезм филиалы, «UzXMG» эксковатор заводы, «Ўзтекс Шовот», «Хоразм маиший техника» қоспа, «Хоразм шакар» қоспа кәрханасында ишки ҳәм сыртқы базарда өтимли өнимлер ислеп шығарылмақта. Қыйын ықлым шараятына қарамастан, ўәлаят дийқанлары аўыл хожалығында мол зүрәәт жетистирмекте.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жылдың 27-28-январь күнлери Хорезмге сапар етиўи ўақтында ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў, санаатты ҳәм аўыл хожалығын структуралық өзгертиў, социаллық объектлерди қурыў ҳәм инфраструктураны жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Өткен дәўирде аймақта көплеген жаңа кәрханалар, киши бизнес субъектлери, көп тармақлы фермер хожалықлары шөлкемлестирилди. Туризм, тоқымашылық, балықшылық, қусшылық, ирригация ҳәм басқа да салаларда перспективалы жойбарлар әмелге асырылды. Турақ жайлар, емлеўханалар, мектеп ҳәм көркем өнер дәргайлары қурылды. Сондай-ақ, бир қатар жойбарлар бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына сапар етиўин Үргенш халықаралық аэропортында әмелге асырылған реконструкция жумыслары менен танысыўдан баслады.

Пүткил елимиздеги сыяқлы Хорезм ўәлаятында да үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Бул қаланың кирер есинен-ақ айқын көзге тасланады. Атап айтқанда, Үргенш халықаралық аэропорты заман талаплары тийкарында реконструкцияланған. Жолаўшыларды күтип алыўға ҳәм шығарып салыўға мөлшерленген заманагөй терминаллар, хызмет көрсетиў бөлмелери, саўда шақапшалары қурылған, әтирапы абаданластырылған. Рәсмий делегацияларды, шет елли мийманларды күтип алыў ушын зәрүр шараят жаратылмақта.

Президентимиз бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳәм гезектеги режелер менен танысты. Аэропорттың жумысын жетилистириў, мийманлар ушын қолайлылықларды буннан былай да арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Ўәлаятта барлық салалар сыяқлы туризмди раўажландырыў, тарийхый естеликлерди тиклеў, оңлаў, олардың әтирапын абаданластырыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа келип атырған туристлердиң ағымын көбейтиўде тарийхый естеликлердиң әҳмийети шексиз екенин атап өтти.  Тарийхый объектлерди қайта тиклеўде ҳәм оңлаўда тийкарғы миллий қәдриятларымыз бенен үрп-әдетлеримизди сақлаў және шет елли туристлерге таныстырыў бойынша усыныслар берди.

Үргенш районында кең көлемли дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Халыққа қолайлылық жаратыў, турмыс дәрежесин ҳәм сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде аймақта жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында 1 ҳәм 2 қабатлы 64 турақ жай, социаллық инфраструктура объектлери қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Шавкат Мирзиёев жаңа турақ жайларда халыққа жаратылған шараятлар менен қызықсынды. Заманагөй ҳәм миллий архитектуралық стандартлар тийкарында қурылған бул турақ жайлар шаңарақлардың абадан жасаўы ушын қолайлы етип жойбарластырылған. Шцаңарақлар тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинленген, ишки жоллар қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы Тошсоқа системасындағы магистрал суўғарыў каналларын қайта тиклеў жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Бүгинги күнде ўәлаятта 276,7 мың гектар суўғарылатуғын жер бар. Тошсоқа системасы арқалы 191,3 мың гектар жер суўғарылады. Әмиўдәрьяда суў аз ўақытлары, әсиресе, ерте бәҳәрде ҳәм жаз айларының басында каналларда суўдың қәдди оғада төменлеп, ғәлле, пахта ҳәм басқа да егинлерди суўғарыў ушын суў тийкарынан насослар жәрдеминде алынатуғын еди. Бул қәрежетлердиң артып кетиўине, суўдың ысырапгершилигине және жерлердиң мелиоративлик жағдайының жаманласыўына алып келетуғын еди.

Президентимиз Хорезм ўәлаятына бурынғы сапар етиўи ўақтында Тошсоқа магистрал каналында әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары менен танысып, усы машқалаларды сапластырыў, аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде өзине түсер баҳаны азайтыў, фермер ҳәм дийқан хожалықларының экономикалық жағдайын жақсылаўға қаратылған жойбарды турмысқа енгизиў бойынша тапсырмалар берген еди.

Усы жойбарға бола, ўәлаяттағы Тошсоқа, Шават, Полвон Ғазовот ҳәм Ғазовот магистрал ҳәм хожалықлараралық каналлардың 120 километри реконструкцияланды. Режедеги 607 гидротехникалық объекттен 318и жаңадан қурылды. Усы жумыслардың нәтийжесинде 279 насос агрегатынан ўаз кешилип, аўыл хожалығы егинлери өзи ағатуғын суў менен тәмийинленеди ҳәм 31,6 миллион киловатт саат электр энергия үнемленеди.

Президентимиз бул жойбар ўәлаятта суў тәмийнатын түп-тийкарынан жақсылаўда, фермер хожалықларының нәтийжелилигин ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Каналлардың әтирапындағы жерлерди абаданластырыў, топырақ-ықлым шараятынан келип шығып егилетуғын нәл түрлерин таңлаў ҳәм канал бойлап бес қатар терек егиў, жаздың жәзийрама күнлеринде адамлардың канал бойында дем алыўы ушын шараят жаратыў бойынша Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги менен ўәлаят ҳәкимлигиниң жуўапкер адамларына тийисли тапсырмалар берилди.

Шавкат Мирзиёев Хийўа қаласында қурылып атырған «Фаровон» мийманханасының қурылыс участкасында болды.

Қаланың Әмир Темур көшесинде қурылысы режелестирилген бул мийманхана әййемги архитехтуралық усылда 3 қабатлы етип қурылады. Онда конференция заллары, спорт майданшалары, ресторанлар, кеўилашар орайлар ҳәм басқа да имканиятар болады. Мийманханаға франциялы исбилерменлер инвестиция киргизеди.

Бул жерге келиўимизден тийкарғы мақсетлерден бири Хийўаны туристлик зонаға айландырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлеримизди және бир мәрте талқылаўдан ибарат, деди мәмлекетимиз басшысы. Туризмди раўажландырыў ушын, бәринен бурын, туристлерге шараят жаратыў зәрүр. Сол мақсетте келеси үш жылда Хийўада 20 ға шамалас мийманхана қурылады. Бул мийманхана бес жулдызлы, елимиздеги ең жақсы мийманханалардан бири болады.

Президентимиз Хийўа қаласындағы Нурыллабай сарай комплекси менен танысты.

Хорезм ўәлаяты тарийхый естеликлерге, дыққатқа ылайық орынларға бай. Олардың қәстерлеп сақланып атырғаны, туристлер ушын зәрүр шараятлар жаратылып атырғаны нәтийжесинде ўәлаятта туризм избе-из раўажланбақта.

Мағлыўматларға қарағанда, бул сарайдың аймағы усы жерли Нурыллабай исмли саўдагерге тийисли болған. Комплекс сырт елли мийманларды қабыллайтуғын резиденция ўазыйпасын атқарған.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл январь айында ўәлаятқа сапар етиўи ўақтында жуўапкер адамларға усы комплексти заман талаплары дәрежесинде реконструкциялаў бойынша тапсырмалар берген еди. Президентимиздиң усынысы менен ислеп шығылған жойбарға бола бул жерде ресторан, қабыллаў үйлери, галерея, амфитеатр, өнерментлер көргизбеси шөлкемлестирилген.

Көргизбелерде Хорезмниң XIX-XX әсирлерге тийисли тарийхый фотосүўретлери, биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотосүўретшиси Худайберген Девонов алған сүўретлер менен кинодөретпелер таныстырылмақта. «Хорезмниң дәстүрий өнерментшилиги: тарийх ҳәм заманагөйлик», «Өзбекистанның заманагөй көркем өнери: ырғақлар, тымсаллар, талқылаўлар» темасындағы көргизбелер мийманларда үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Президентимиз Хийўа қаласының архитектуралық естеликлери, соның ишинде, усы комплекстиң бай тарийхы туўралы туристлер менен сырт елли мийманларға заманагөй усылларға сүйенген ҳалда, айтып бериў арқалы олардың елимиз ҳаққындағы түсиниклерин және де байытыў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятының экономикасына тартылатуғын  тиккелей инвестицияларды көбейтиў ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зонасының жумысын буннан былай да раўажландырыў жойбарларын таныстырыў илажына қатнасты.

Халықаралық базар талапларына жуўап беретуғын бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыўда, шийки затты терең қайта ислеў арқалы таяр өнимниң түрлерин көбейтиўде елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларында шөлкемлестирилип атырған еркин экономикалық зоналардың орны айрықша.

Президентимиздиң усы жыл 12-январьдағы «Ургут», «Ғиждуван», «Қоқанд» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында» ғы пәрманы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли қолланба болмақта.

«Хазарасп» еркин экономикалық зонасы ушын 414 гектардан аслам жер майданы ажыратылған. Соңынан бул аймақ және де кеңейтиледи. Жаңа еркин экономикалық зонада аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, сақлаў, қадақлаў, тоқымашылық, аяқ-кийим ҳәм былғары-галантерея, химия, фармацевтика, азық-аўқат, электротехника санааты, машина ҳәм автомобиль қурылысы, қурылыс материаллары сыяқлы бир қатар бағдарларда заманагөй өндирислик қуўатлылықлар шөлкемлестириледи.

Ҳәзирги ўақытта еркин экономикалық зонаның шегараларын орнатыў, бажыхана постын шөлкемлестириў, шет елли ҳәм жергиликли инвесторларды тартыў жумыслары әмелге асырылмақта. Шөлкемлестирилетуғын заманагөй өндирис кәрханалары ушын зәрүр имканиятлар жаратыў мақсетинде инженерлик-коммуникация инфраструктурасы, атап айтқанда, газ, суў ҳәм электр тармақлары, канализация, автомобиль ҳәм темир жоллары, байланыс системасы қәлиплестирилмекте.

Аймақта өндирислик қуўатлылықларды орналастырыў бойынша бүгинги күнде 25 жойбар ислеп шығылған. Нәтийжеде 1000 нан аслам жумыс орынлары жаратылады.

«Хазарасп» еркин экономикалық зонасының аймағында өндирис ҳәм ресурс потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, халықты турақлы дәрамат пенен тәмийинлеў, халқымыздың турмыс абаданлығы артыўына хызмет етеди.

Президентимиз Хорезм ўәлаятын 2018-2019-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты. Онда тийкарғы итибар халықтың экономикалық көрсеткишлерин арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине қаратылған.

Бос турған объектлердиң ҳәм пайдаланылмай атырған өндирислик орынлардың тийкарында жаңадан шөлкемлестирилетуғын ҳәм әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Үргенш районында жылына 1,2 мың тонна гөш ҳәм гөш өнимлерин және 900 мың дана қоян терисин қайта ислеўге қәнигелескен «Хорезм қуён савдо» агрофирмасы шөлкемлестириледи.  Баҳасы 1,8 миллион доллар болған бул жойбар үш басқышта әмелге асырылады ҳәм 2018-жылдың ақырында толық қуўатлылық пенен иске қосылады.

Бүгин базарда диеталық гөш өнимлерине болған талап артып бармақта. «Өзбекистан темир жоллары» АЖ тәрепинен Шават районының Буйрашы аўылында қурылып атырған қусшылық комплекси, сүт ҳәм гөш өнимлерин қайта ислеў кәрханасы әне, усы талаплар шеңберинде шөлкемлестирилмекте.

Таныстырыўда кем  тәмийинленген шаңарақлардың қарамал ҳәм қус бағыў, қыйтақ жерде овощ өнимлерин жетистириўдеги қатнасын жеделлестириўге қаратылған социаллық жойбарлар туўралы да мағлыўмат берилди.

Туризм елимиздиң экономикасын раўажландырыўда, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли бағдарлардан болып табылады. Бүгин елимиздиң барлық аймақларында туризм саласында перспективалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасының туризм саласын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли қолланба болмақта.

Президентимизге ўәлаятқа шет елли ҳәм жергиликли туристлерди тартыў, аймақтың туризм потенциалын буннан былай да раўажландырыў жойбарлары таныстырылды. Жаңа туристлик бағдарларды ашыў, жаңа өнимлерди ислеп шығарыў бойынша исленип атырған жумыслар, 2018-жылы келиўи күтилип атырған туристлердиң ағымы туўралы мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта «Қәўипсиз туризм» концепциясын әмелге асырыў жойбары менен де танысты. Онда туризм инфраструктура объектлерин видеобақлаў қурылмалары менен тәмийинлеў, туризм саласында хызмет көрсететуғын және саяхатшылардың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес объектлерди бирден-бир мәлимлеме-коммуникация системасына жалғаў, туристлер бойынша мағлаўматлар базасын жетилистириў сыяқлы илажлар орын алған.

Хийўа қаласындағы «Ичан-қалъа» музей-қорықханасы аймағындағы «Пахлаван Маҳмуд» комплексинде оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылмақта.

Президентимиз бул комплексте алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы аймақта болды. Қуран оқылды.

Бурын бул жерлер тасландық орынға айланып қалған еди. Бул жерлер инсанға руўхый күш-қуўат береди. Оны келип атырған зыяратшылардың көплигинен де билиўге болады, деди Президентимиз.

Бул комплекске күнине орташа 400 ге шамалас зыяратшы келеди. Оңлаў ҳәм қурылыс жумысларын быйылғы жылдың ақырында жуўмақлаў нәзерде тутылған. Ҳаўа райының турақлылығын тәмийинлейтуғын заманагөй системалар орнатылған.

Бул жерде зыяратшылар ушын қосымша қолайлылықлар жаратыў ушын көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Шерғазыхан медиресеси менен танысты. Бул жерде билим алған уламалардың ҳүрметине шөлкемлестирилген музейдиң жумысы менен танысты. Медиресе имаратына зыян келтирмеген ҳалда оны қайта оңлаў зәрүрлигин атап өтти.

Ўәлаят туризмине тийисли және бир ири жойбар – Үргенштен Хийўаға шекем темир жол қурыў жойбары болып табылады. Темир жол заман талаплары тийкарында жойбарластырылып, үлкен дөретиўшилик жумыслары баслап жиберилди. Бүгинги күнде еки қаланың арасына 33 километр темир жол қурыў, Хийўа қаласында заманагөй вокзал ҳәм зәрүр инфраструктура объектлерин салыў жумыслары жедел алып барылмақта. Бул бағдардағы мәнзилли бағдарлама тийкарында транспорт, мийманхана, почта, банк, улыўмалық аўқатланыў ҳәм басқа да хызметлерди шөлкемлестириў режелестирилген.

Келешекте бул темир жол электрлестирилип, Ташкенттен Хийўаға шекем тезжүрер поездлардың қатнаўы жолға қойылады. Хийўа вокзалы Ичан-қалъаның Хазарасп дәрўазасы жанында қурылып атырғаны туристлерге қолайлылық жаратады.

Президентимиз Хийўа қаласы вокзалында әмелге асырылып атырған жумыслар, перспективадағы жойбарлар менен танысты.

Хорезмниң туризм саласындағы имканиятларын толық иске қосыўға, туристлер ушын барлық шараятты жаратыўға, мийманханалар ҳәм кеўилашар орайларды қурыўға саланың тәжирийбели ўәкиллерин тартыў зәрүрлигин атап өтти.

Хийўа қаласының тарийхый бөлегин жаңалаў режесин таныстырыў болып өтти.

Шавкат Мирзиёев Ичан-қалъа жанында дем алыў бағын қурыў, туристлер пияда сейил ететуғын көшениң бойында саўда ҳәм өнерментшилик шақапшаларын, еки қабатлы турақ жайлар қурыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берди.

Президентимиз Хийўа районындағы «Раҳимберган ҳожи акбар» көп тармақлы фермер хожалығының атызында алдынғы дийқанлар ҳәм фермерлер менен сәўбетлести.

Халық пенен пикирлесиў тийкарында барлық салаларда избе-из реформалардың әмелге асырылып атырғаны, адамлардың мәмлекетке исеними артып, мийнет етиўге қатнасы өзгерип атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм  қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оны әмелге асырыўға қаратылған қарардың әҳмийети туўралы сөз болды. Фермерлер ҳәм дийқан хожалықлары, жеке меншик қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, егинлерди қайталап егип, қосымша дәрамат табыўдың әҳмийети атап өтилди.

Бул реформалардан тийкарғы мақсет – мийнеттен мәпдарлықты, елимиздиң қут-берекетин арттырыў болып табылады. Неге дегенде, адамлар жерден нәтийжели пайдаланып, қосымша дәрамат тапсын, мийнетиниң рәҳәтин көрсин, халқымыз бай болсын, деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жерде балықшылық, қаўын жетистириў ҳәм аўыл хожалығының басқа да тармақларының нәтийжелери таныстырылды.

Сол күни Үргенш қаласында халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Президентимиздиң усынысына бола, Хорезм ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарып киятырған Илгизар Сабиров Хорезм ўәлаятының ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Хорезм ўәлаятына сапар етиўи даўам етпекте.

ӨзА