Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында Қазақстан-Өзбекстан 1-регионлараралық бирге ислесиў форумы болып өтти.

Өзбекстан делегациясы қурамында Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ири компаниялар, республика ҳәм аймақлық исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

Форум шеңберинде «Шегаралас аймақлардың саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўлериниң перспективалары» атамасында исбилерменлер мәжилиси болып өтти. Сондай-ақ, сессия мәжилислери өткерилди. Онда «Орайлық Азияда Уллы жипек жолының жоллары. Туризмди раўажландырыўдың заманагөй басқышлары», «Жаңа имканиятларға қарай биргеликте», «Санаат, транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиўдиң перспективалары», «Агросанаат комплекси тараўы ҳәм суўдан пайдаланыўдың альтернатив усылларын әмелиятқа енгизиўде бирге ислесиўдиң перспективалары» темасында пикир алысылды.

Форумның тийкарғы мақсети Өзбекстан-Қазақстан арасындағы пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм раўажландырыўдан ибарат. Илаж еки елдиң министрликлери ҳәм уйымлары басшыларын, исбилермен топарлардың ўәкиллерин бир мақсет жолында жәмледи. Аймақларымыздың экспорт потенциалы, Өзбекстандағы жаңа экономикалық зоналардың перспективалары, сырт ел инвестицияларын тартыў мәселелери көрип шығылды.

Қазақстанда Өзбекстан жылын талқылаўға бағышланған сессияда туризмге инвестиция жойбарларын тартыў ҳәм бирге ислесиўди тереңлестириў сыяқлы мәселелер додаланды. Онда атап өтилгениндей, мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўлар бойынша бирге ислесиў кеңеймекте.

Қазақстаннан Өзбекстанға келетуғын туристлердиң саны усы жылдың он айы даўамында 2 миллионға шамаласып, өткен жылға салыстырғанда 500 мыңға артқаны унамлы өзгерислерден дәрек береди.

Илаж шеңберинде Қазақстан-Өзбекстан бизнес-форумы исбилерменлер кеңесиниң II мәжилисинде ун ҳәм дән өнимлерин жеткерип бериў, автомобиль ислеп шығарыў бағдарларында да меморандумға қол қойылды.

Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеўдиң заманагөй усыллары, халықаралық нормалар бойынша исенимли системаны шөлкемлестириў перспективалары, экспорт бойынша жаңа транзит жөнелислерин ашыў, қадақлаў ҳәм сертификатластырыў әмелияты мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Өзбекстан жеринде жетистирилген мийўе-овощ өнимлерине дүнья базарында талап жоқары. Усы тараўды жедел раўажландырыў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер усы сыяқлы өнимлер экспортын және де арттырыўға беккем тийкар жаратпақта.

Форум шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстанның санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң көргизбеси болып өтти. Көргизбениң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Очилбой Раматов ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Асқар Мамин қатнасты.

Көргизбеде еки елдиң ислеп шығарыўшыларының көргизбелери көрсетилди. Атап өтилгениндей, өз-ара саўда-экономикалық қатнасықларды беккемлеў, товар алмасыў көлемин зәрүр талаплар тийкарында және де арттырыў исбилерменлер ушын бирдей пайдалы болып табылады.

Қазақстан-Өзбекстан I регионларарлық бирге ислесиў форумында исбилермен топарлар ўәкиллери арасында шәртнамаларға, меморандумларға қол қойылды, перспективалы келисимлерге ерисилди.

Ғайрат ШИРИНОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы.

Ташкент-Шымкент-Ташкент